Әдебият ҳәм көркем өнерди, мәдениятты
раўажландырыў халқымыздың руўхый
дуньясын жетилистириўдиң беккем тийкары
Ш. Мирзиёев
Ҳәр бир халықтың тарийхын, үрп-әдетин, дәстүрлерин үйрениўде әдебият әҳмийетли орын ийелейди. Әдебият көркем өнердиң жетекши бир тараўы сыпатында халыққа жәрдем береди. Инсан пайда болғаннан ҳәзирги дәўир арасындағы ўақыяларды билиў ушын тарийхқа нәзер салыўымызға туўра келеди. Тарийх ҳәм әдебият ортасында үзилмес шынжыр бар. Әдебият неше әсирлер өтсе де өз қунын ҳеш нәрсеге теңлестирмеген миллий мәдениятымыздың тымсалы. Бул жолда қанша жазыўшы, шайырлар пүткил өмирин бағышлап келген. Әдебият халықтың санасы, оның руўхый өмириниң гүли менен жемиси. Рус критиги В.Г.Белинский: – «Әдебият – нағыз тутас өнердиң өзи, оның уйтқысы», – деген еди.
Шынында да, әдебиятты үлкен терекке мегзетсек, оның шақалары халық дөретип отырған дәстанлар, толғаўлар, повестлер, поэмалар ҳәм қосықлар есапланады. Булардың қайсы бирин алып қарасақ та, олардың сүйениши көркем әдебият екенин аңлаймыз. Себеби, спектакль қурыў ушын пьеса, опера дөретиў ушын әдебий либретто керек болады. Ҳәммеси де өзиниң тийкарғы факторлары менен ажыралып турады. Ҳәр күнги турмыс талапларымыздың өзинде көркем өнердиң айырым тәреплерин көриўимизге болады. Мысалы, әпиўайы ғана үйимиздеги чайник-кеселердиң нағыслары, аналарымыздың шырайлы етип дәстурханға тағам тартыўы, қурылысшыларымыздың қунт пенен ислеп атырған имаратларының гөззал келбети, гилемшилеримиздиң түрли стиллер менен тоқылған гилемлери – булардың бәри миллий көркем өнеримиздиң жемиси саналады.
Ерте дәўирлерде түркий тиллес халықларда халық аўызеки дөретпелери пайда болып, аўыздан-аўызға өткен ҳәм бизге шекем жетип келген. Халық аўызеки дөретпелериниң дүрданалары болған » Алпамыс», » Қоблан», «Қырқ қыз», «Едиге», «Шәряр» дәстанлары түркий тиллес халықлардың өтмиштеги үрп-әдетлерин, миллий қәдириятларын белгилеп береди. Әдебият халықтың руўхый байлығы ҳәм раўажланыўы жолындағы көринислери болғанлығы себепли заман менен тең жүрип, оның мәдений қәлиплесиўиниң тийкарғы буўыны болып хызмет етеди. Әдебият тараўын жоқары шыңларға алып шығып, оның раўажланыўына үлес қосыўшылар жазыўшылар ҳәм шайырлар саналады. Усы орында Биринши Президентимиз Ислам Каримовтың мынадай пикирлери еске түседи, «Егер биз Өзбекстанымызды дүньяға танытпақшы, оның әййемги тарийхы ҳәм жарқын келешегин улығлаў, оны әўладлар ядында мәңгилик сақламақшы болсақ, ең дәслеп уллы жазыўшыларды, уллы шайырларды, уллы дөретиўшилерди тәрбиялаўымыз керек».
Миллет өзиниң талантлы жазыўшы, шайырлары менен дүньяға танылады. Мәселен, Шыңғыз Айтматов десе қырғыз халқы, Абай десе қазақ халқы, Расул Гамзатов десе авар халқы, Мақтумқулы десе түркмен халқы, ал Бердақ, Әжинияз, Т.Қайыпбергенов, И.Юсупов десе қарақалпақ халқы көз алдымызда елеслейди. Ҳақыйқатында да, дөретиўшилер елдиң абырайын көтериўши уллы инсанлар.
Журтбасшымыз Ш.Мирзиёев 2017-жыл 18-апрельдеги қарарына муўапық, руўхый турмысымызда өшпес из қалдырған атақлы жазыўшы ҳәм шайырлардың тарыйхый естеликлерин мәнги сақлап қалыў, жас әуладтың мәдений-руўхый санасын жоқарылатыў мақсетинде Өзбекстан миллий бағында «Адиблар хиёбони» қурып питкерилди. Бул майданда жигирмадан зият атақлы шайыр ҳәм жазыўшылар ҳәйкеллери орнатылған. Солар ишинде қарақалпақ әдебияты дүрданаларынан Бердақ, Т.Қайыпбергенов, И.Юсуповлардың орын алғаны қуўандырады. Бой тиклеген майданда Өзбекстан қаҳарманы, атақлы алым, жәмийетлик ғайраткер Озод Шарафиддинов, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан халқ шайыры Еркин Воҳидов, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан халык шайыры Абдулла Арипов ҳәм Өзбекстан халық шайыры Муҳаммед Юсуп естелик орынлары, сондай-ақ Ҳамид Олимжон, Зульфия ҳәйкеллери ҳәм Өзбекстан халық шайыры Ғафур Ғулам ҳәйкели орнатылған. Майданды ийелеген уллы инсанлар ҳәйкеллердиң ҳәр бири жоқары оқыў орынларына бириктирилип берилди. Мысалы, Өзбекстан көркем өнер ҳәм мәденият институтына Муҳаммед Юсуп ҳәйкели бириктирилип, шайыр дөретиўшилине байланыслы кешелер өткизиў, сондай-ақ Муҳаммед Юсуп өмири ҳәм дөретиўшилиги жолы ҳаққында «Ватан куйчиси» атлы фильм алыў ҳаққында тапсырмалар берилди.
Мәмлекетимиз басшысының 2020-жыл 20-май күнги Миллий бағқа болған сапарында жазыўшы, шайырлар менен миллий әдебиятымызды раўажландырыўға тийисли ўазыйпалар ҳаққында мәсләҳәтлести. Сол орында уллы әдебиятымызға мүнәсип уллы келешек жаратыў ушын бар имканиятлар жаратылыўын айтып өтти. Бул мәскан халыққа руўхый азық беретуғыны анық.
Әдебият – өмиримизде сарқылмас булақ. Бул булақ суўынан нәр алып, жаңа-жаңа дөретпелерди оқыўға умтыламыз. Кимдур: «Сен қайсы елде жасайсаң?» – деп сораса, биз, әлбетте, ҳеш екиленбестен «Журтбасшысы шайыр, жазыўшыларын излейтуғын елденбиз», – деп жуўап беремиз. Жазыўшы, шайырлар шығарма дөрете бериўи мүмкин, бирақ биз, оқыўшылар оларды қунт пенен оқып талқыламасақ, әдебиятымыз тарыйхын билмесек, елимиз көркем әдебияты раўажланыўдан тоқтап қалғандай болады. Жоқарыда аталған дүрдәналар – әдебиятымызды жанландырыўшы уллы тулғалар. Олар ҳәмийше қәлбимизде мәңги жасайды.
Қ. Нурманов, С.Миратдинов