30-ИЮНЬ- ӨЗБЕКСТАН ЖАСЛАРЫ КҮНИ

Ҳүрметли Республикамыздың Жаслары!

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректораты ҳәм Студент жаслары Сизлерди жақынласып киятырған «30-июнь-Жаслар күни» байрамы менен қызғын қутлыклап, шаңарақларыңызға аман-есенлик, алдағы дөретиўшилик жумысларыңызға тасқын табыслар тилейди ҳәм Мәмлекетимизде жоқары оқыў орынларының жәмийетшилик ҳәм абитурентлер арасындағы абырайын белгилеў мақсетинде өткерилип атырған «Жылдың ең жақсы Жоқары оқыў орны» таңлаўына белсене қатнасыўыңызды сорап қалады!
22-май сәнесинен баслап 19-июньге дейин телеграм каналлар арқалы 10 номинация бойынша өткерилип атырған таңлаўдың биринши басқышында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Жылдың ең жақсы Мәмлекетлик университети» номинациясында 3-орынды ийелеп, жуўмақлаушы басқышқа жолламаны қолға киргизди. Енди университетимиз жасларынан қуралған команда ағзалары 1-7-июль күнлери өткерилетуғын финаллық басқышқа қатнасады ҳәм бул басқышта да Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин қоллап-қуўатлайсыз деп исенип қаламыз!!!

Пайдалы дереклер