24-июнь күни Түркменстан Республикасының Өзбекстан Республикасындағы Консулы Шамухаммед Шамедов Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болып, республикамыз оқыў дәргайларында тәлим алып атырған Түркменстанлы студент жаслар менен ушырасып, олардың университет жатақханасындағы жасаў шараятлары менен танысты.
Ушырасыўда консул Ш.Шамедов шығып сөйлеп, бүгинги күни дүньяда соның ишинде өз мәмлекетинде республика ҳүкимети тәрепинен жүргизилип атырған ишки ҳәм сыртқы сиясат, коронавирус пандемиясының алдын алыўға қаратылып атырған илажлар,студент жаслардың қәўипсиз ҳәм парахат турмыс кешириўи ушын Өзбекстан Республикасы менен өз-ара дүзилген дослық келисимлер ҳаққында жыйналғанларға кең түсиниклер берди.
Ушырасыўда студентлер де өзлерин қызықтырған мәселелер бойынша Ш.Шамедовқа мүрәжат етип, оған тийисли жуўаплар алды.
Мағлыўмат ушын соны айтып өтиў керек, бүгинги күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 174 студент тәлим алмақта.
Әдилбай Оразов,
Бердақ атындағы ҚМУ Баспасөз хаткери.
