ЖАСЛАР – МӘМЛЕКЕТТИҢ СТРАТЕГИЯЛЫҚ РЕСУРСЫ

Жаслар ҳәр бир мәмлекеттиң келешегин, потенциалын белгилеўши әҳмийетли социаллық қатлам. Мине усы көзқарастан жәмийет ҳәм мәмлекет тәрепинен жаслар турақлы итибарда болады. Себеби мәмлекет экономикасының жедел раўажланыўы ҳәм халыктың абадан турмыс кешириўи мәмлекетте жаслардың тәлим-тәрбиясы ҳәмде келешегине қаратылып атырған итибар дәрежеси менен тығыз байланыслы. Сонлықтан Өзбекстанда жаслар мәселеси мәмлекетлик сиясаттың ең баслы бағдарларынан бири айланған.

2016-жыл 14-сентябрьде «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында»ғы Нызамның қабыл етилгенлиги елимизде жасларға болған дыққат-итибардың қаншелли дәрежеде жоқары екенлигинен дерек береди. Халкының ярымынан көбиреги жаслардан ибарат болған мәмлекетимизде жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатты басқышпа-басқыш  әмелге асырыў, жас әўладты ҳәр тәреплеме жетик ҳәм бәркамал, өзиниң  позициясына ийе, елде әмелге асырылып атырған реформаларға бийпәрўа болмаған, мақсетке умтылыўшаң ҳәм кәмил инсанлар сыпатында тәрбиялаў Өзбекстанды дүньяның  раўажланған мәмлекетлери қатарынан орын алыўының әҳмийетли факторы есапланады.

2017-жыл 30-июнь күни мәмлекетимиз жаслары турмысында жаңа ўақыя жүз берди. Мәмлекетимиз Президентиниң басламасы менен  Өзбекстан тарийхында биринши рет 30-июнь  “Жаслар күни”  деп жәрияланды ҳәм “Өзбекстан Республикасында жаслар күнин белгилеў ҳаққында”ғы нызам қабыл етилди. Бул сәнеге быйыл үш жыл толмақта.

Өзбекстанда жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат анық мақсетлерди гөзлеген ҳалда, басқышпа-басқыш, комплекс илажларға тийкарланған ҳалда турақлы даўам еттирилмекте.

Бул бағдарда Президентимиз тәрепинен социаллық, мәдений-ағартыўшылық   тараўлардағы илажларды системалы тийкарда жолға қойыў бойынша 5 әҳмийетли басламаның усынылыўы Өзбекстан тарийхында жаслардың тәлим-тәрбиясы бойынша және бир жаңа басқышты баслап берди.

Мәмлекетимиз басшысының бул идеясы Өзбекстан халкы, әсиресе, жаслары тәрепинен үлкен қызығыўшылық пенен күтип алынып, қысқа ўақыт ишинде мәмлекет бойлап кең ең жаймақта. Бул жаслармызды мәденият, көркем өнер, дене тәрбиясы ҳәм спортқа кең тартыў, жасларда информациялық технологиялардан пайдаланыў көнликпелерин күшейтиў, елимизде жаслар ортасында китапқумарлылықты үгит-нәсият етиў, ҳаял-қызлардың бәнтлилигин арттырыўға болған итибарды және де күшейттирмекте.

Мәмлекетимизде жасларымыздың бизнес жойбарларын қоллап-қуўатлаў ушын «Жаслар – келешегимиз» фонды, «Жас исбилерменлер» коворкинг орайлары ҳәрекет етеди.

Елимизде шөлкемлестирилип атырған жаңа бағлар, дем алыў орайлары, мектеплер,  жоқары оқыў орынлары, абырайлы халықаралық жоқары оқыў орынларының филиаллары, мәденият ҳәм спорт орайлары, «Темурбеклер мектеби», «Президент мектеплери», «Дөретиўшилер мектеплери» деп аталған абсолют жаңа үлгидеги оқыў орынлары бүгинги глобалласыў шараятында бәсекиге шыдамлы болған жетик кадрлардың жаңа әўладын тәрбиялаўға хызмет етпекте.

Улыўма алғанда, жаслардың билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи, жетик инсанлар болып өсиўи жолында заманагөй, алдыңғы-инновациялық шараятларды жаратып бериў ушын мәмлекетимиз бар күш ҳәм имканиятларын иске салмақта. Себеби, жас әўладты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, мәдений жетик, физикалық жақтан саламат ҳәм пидайы етип тәрбиялаў, ҳуқық ҳәмде мәплерин қорғаўға итибар қаншелли күшейтилсе, оның нәтийжеси де соншелли жоқары болады. Сонлықтан елимизде жәмийеттиң белсенди қатламы сыпатында тән алынған жаслар қатламына «машқала» деп емес, ал елимиз келешегин тәмийинлеўши үлкен күш, мәмлекеттиң стратегиялық ресурсы сыпатында қаралмақта. Нәтийжеде бүгин жоқары билимли, заманагөй пикирлейтуғын, өз позициясына ийе жаслар мәмлекеттиң ертеңги раўажланыўында барған сайын шешиўши күшке айланып бармақта.

Президентимиз атап көрсеткениндей «Жаңа Өзбекстанды, әлбетте жаслар менен бирге қурамыз».

Солай екен, әзиз жаслар мәмлекетимизде сизлер ушын жаратылып атырған имканият ҳәм қолайлықлардан туўры ҳәм мақсетке муўапық пайдаланып, өз үстиңизде тынымсыз ислесеңиз ҳәм изленсеңиз, әлбетте жоқары шоққыларға ерисесиз, соның менен бирге елимиз экономикасын раўажланған мәмлекетлер қатарынан мүнәсип орын алыўына үлес қосқан боласыз.

Әзиз жаслар! Сизлерди 30-июнь Жаслар күни менен ҚМУ экономика факультети профессор-оқытыўшылар жәмәәти атынан қызғын қутлықлайман! Ҳәр бириңизге беккем ден саўлық, таўсылмас күш-ғайрат, жеке ҳәм социаллық турмысыңызда жаңа жетискенликлер ҳәм әўмет тилеймен!

ҚМУ “Экономикалық теория” кафедрасы доценти

Даўлетмуратов Адилбай Мырзабаевич

 

Пайдалы дереклер