КӘСИПЛИК АЎҚАМ ШӨЛКЕМИНЕ БАСЛЫҚ САЙЛАНДЫ

30-июнь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде усы оқыў дәргайының Кәсиплик аўқам шөлкемине баслық сайлаў мәселесине арналған жыйналыс болып өтти.
Оған Өзбекстан Билимлендириў, илим ҳәм мәденият хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўапкер хызметкери Р.Абдурахманов, университет ректоры А.Реймов ҳәм факультетлериниң басланғыш кәсиплик аўқам шөлкеми цех баслықлары қатнасты.
Онда шөлкемлестириў мәселеси қаралып, Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик университети Кәсиплик аўқам шөлкеми баслығы лаўазымына бир қанша жыллардан бери Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасында оқытыўшысы Аллияров Ашраф Дәўлетиярович, Билим сапасын қадағалаў бөлими Бас қәнигеси Пахратдинов Султан Юнисович ҳәм Биология ҳәм физиология кафедрасы оқытыўшысы Қощанов Дәўлетбай Ережеповичтиң кандидатурасы усыныс етилди. Мәжилисте талабанларды қоллап-қуўатлап Мониторинг ҳәм ишки қадағалаў бөлими баслығы У.Асанов шығып сөйлеп, өз пикир ҳәм усынысын билдирип өтти.
Соңынан талабанлар даўысқа қойылып, онда Аллияров Ашраф Дәўлетиярович Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик университети Кәсиплик аўқам шөлкеми баслығы болып сайланды.
Мәжилисте Өзбекстан Билимлендириў, илим ҳәм мәденият хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўапкер хызметкери Р.Абдурахманов, университет ректоры А.Реймов шығып сөйлеп, Кәсиплик аўқам шөлкеминиң алдағы жумысларына табыслар тиледи.

А.ОРАЗОВ.
Бердақ атындағы ҚМУ Баспасөз хаткери.

 

Пайдалы дереклер