БУҒАН ҲӘММЕ ЖУЎАПКЕРМИЗ!

Бүгин жәмийетимизде ушырасып атырған ең унамсыз иллетлердиң бири коррупция болып табылады. Соңғы жыллары елимизде бул иллеттиң алдын алыў бойынша бир қатар унамлы ислер әмелге асырылмақта. Деген менен жәмийетимиздиң буннан қутылыўы қыйын кешпекте. Әсиресе, келешегимиз ушын қәўипли иллеттиң билимлендириў системасында да ушырасып турыўы күтә аянышлы әлбетте.

10-июль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға бағышланған гезектеги онлайн семинар болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти, . Мухаммад Ал Беруний атындағы орта арнаўлы Ислам оқыў орны жуўапкер хызметкерлери, университет ректораты,  Биология ҳәм Химия-технология факультетлериниң профессор-оқытыўшылары менен техник хызметкерлери қатнасты.

Онда университет ректоры А.Реймов, Жоқарғы Кеңестиң Нызамшылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша комитет баслығы З.Реймова, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасы бөлим баслығы Р.Жарылқағанов,Муҳаммад Ал Беруний атындағы орта арнаўлы Ислам билим орны оқытыўшысы А. Якубовлар,Юридика факультети «Ҳуқықтаныў» кафедрасы үлкен оқытыўшысы Д.Сапаров  шығып сөйлеп Билимлендириў системасында коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша университет басшы хызметкерлери ҳәм профессор-оқытыўшылар алдында турған ўазыйпалар ҳаққында кең түрде шығып сөйледи.

Сондай-ақ, семинарда илаж қатнасыўшыларына коррупцияның алдын алыўға қаратылған видеоролик қойып берилди.

Илаж соңында Биология факультети деканы Я.Аметов, академик Б.Мамбетназаров, профессорлардан А.Матжанов,М.Ибрагимов, доцент П.Халмуратов, М.Жумамуратовалар  шығып сойлеп, өзлериниң бул мәселе бойынша пикир-усынысларын билдирип өтти.

А.ОРАЗОВ,

БАСПАСӨЗ ХАТКЕРИ.

Пайдалы дереклер