2020-жыл 15-июль күни саат 0900 де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы илимий дәрежелер бериўши DSc.03/30.12.2019.Fil.20.01 санлы Илимий кеңестиң мәжилиси университеттиң Ахборот ресурс орайы компьютер залындағы бас студиясы арқалы онлайн түрде болып өтеди.
Мәжилисте Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 10.00.03 – Қарақалпақ тили қәнигелиги бойынша еркин излениўшиси Пирниязова Алима Қудияровнаның «Қарақалпақ тили фразеологиялық системасы ҳәм оның стилистикалық имканиятлары» деген темадағы филология илимлериниң докторы (DSc) илимий дәрежесин алыў ушын таярлаған диссертациясының талқылаўы болып өтеди.