Хошхабар . Профессор ҳәм Студент Жаслардың Үлкен Табыслары

Усы жылдың  25-29- июнь аралығында  Словенияның Жалец қаласында  Халықаралық  YII «Берегиня» – Словенияда Украина мәденияты» конкурс- Фестивалы кең көлемде өткерилип, бүгинги  күни әнжуман жуӯмақлары бойынша нәтийжелер келип түспекте.

Фестивальда дүнья мәмлекетлеринен ҳәр қыйлы тараӯлар бойынша  төреши сыпатында таңланған қәнигелердиң бири болып, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Журналистика кафедрасы профессоры Малика Жумамуратова Тлеубергеновна  қатнасты.

Бул фестивальға бизиң елимизден де жаслар ҳәм балалар қатнасып, қатар табысларды қолға киргизди. Қарақалпақ мәмлекетлик университетинен «Жайҳун» жаслар студиясының басқарыўшысы Әжинияз Исмайлов – «Театр шеберлиги» номинациясы бойынша «Тербенбес жүреклер» спектакли ушын  Директордың Фестивальға Арнаўлы Дипломы; Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң Журналистика бағдары 3-курс студенти Дилназ Адилчаева – «Миллий кийимлер Модельери» номинациясы бойынша 1-орын; Экономика факультетиниң Мәдениятты басқарыӯ ҳәм шөлкемлестириӯ бағдары 1-курс студентлери –  Гүлайым Ахметова – «Миллий атқарыӯшылық»тан  «Бир пәрий» ойыны ушын 2- орын, Дилназ Оразбаева – «Саз әспабы шеберлиги» бойынша  Шынқобыз әспабында шерткен «Қус жолы» намасы ушын 2- орынға миясар болды.

Сондай-ақ, Фестивальға қатнасқан Ташкент хореография колледжи питкериӯшиси Гүлайым Бекмуратова – Хореографияның «Халықлық стилизация» ҳәм «Халқ ойыны» номинацияларының ҳәр биринен  1- орын, Нөкис қаласындағы 46- санлы мектеп  оқыӯшысы Асқар Алланиязов «Ең жақсы Видео» номинациясынан «Бизлер туӯысқанбыз» видоролиги ушын  3-орын Дипломларына миясар болды. Бир қанша кишкене балалар  Фестиваль қатнасыӯшысы Сертификатларын алды.

Биз өз гезегимизде, социаллық тармақлар арқалы фестиваль барысын қызығыӯшылық пенен бақлап бардық ҳәм устазымыз Малика Жумамуратованың Дүнья еллеринен жәмленген төрешилер сәлемнамасына үн қосып, Фестиваль қатнасыӯшыларына ана тилинде билдирген жақсы  тилеклерин тыңладық.

«Бундай үлкен көлемдеги әнжуманга  төреши сыпатында мирәт етилип белсене қатнасқаным, дүнья жүзи балалары ҳәм жаслары дөретиӯшилиги менен жақыннан танысқаным ҳәм әдил баҳалаӯға үлес қосқаным ушын  күтә қуўанышлыман ҳәм фестиваль  шөлкемлестириўшилерине миннетдаршылык билдиремен. Фестивальда балалар ҳәм жасларға сүйиспеншилик, олардың талантын жүзеге шығарыӯ, қоллап-қуӯатлаӯ, тәжирийбе алмасыӯ, дослық ҳәм тилеклеслик мақсетлери қойылған. Ойламаған жерде пайда болған сынақлы күнлерде карантин жағдайында перзентлеримиздиң өз үйлеринде жәҳәнде шөлкемлестирилген үлкен әнжуманға қатнасыӯы ҳәм ылайықлы орынларға ийе болыӯы мақтанышлы, – деп өз пикирлерин билдирди М.Жумамуратова.

Устазымыз ҳәм талантлы жасларымызды Дипломлары менен қутлықлап, ийгиликли ислеринде талмас күш-қуӯат, саӯ-саламатлық, жаңа табыслар тилеймиз!

 

Адилбай Оразов,

Бердақ атындағы ҚМУ Баспасөз хаткери.  

Пайдалы дереклер