2020-жыл 12-август күни саат 10 00 да Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы PhD. 03/30.12.2019.Tar.20.05 санлы Илимий кеңеси қасындағы 07.00.01 – Өзбекстан тарийхы қәнигелиги бойынша Илимий семинар мәжилиси университеттиң руўхыйлық залының бас студия орайында онлайн түрде өткериледи.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институтының киши илимий хызметкери Сапарниязов Азизбек Турганбаевичтиң «Оренбург экспедициясы ҳүжжетлеринде қарақалпақлар тарийхы (1734-1744 жж.)» деген темадағы 07.00.01 – Өзбекстан тарийхы қәнигелиги бойынша тарийх илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын таярланған диссертациясының талқылаўы болып өтеди.