ДЫҚҚАТ ДАҒАЗА!

Бердақ атындағы Қаракалпақ мәмлекетлик университети Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәт Кеңеси студент қызлар, профессор-оқытыўшы ҳаял-қызлар ҳәм де университетте ислеўши барлық хызметкер ҳаял-қызлар ушын телеграм бот ашқанлығын дағазалайды!
Телеграмм боттың тийкарғы мақсети ҳәм ўазыйпасы – ҳаял-қызлардың мүрәжәтлерин, пикир ҳәм усынысларын тыңлаў ҳәм мәселеге тез шешим табыў.
Сондай- ақ, телеграм ботымызға профессор-оқытыўшы, илимпаз ҳаял-қызлар тәрепинен университетте тәлим-тәрбия процессин илгерилетиў ҳәм раўажландырыўға байланыслы унамлы усыныс ҳәм пикирлер келип түссе университет басшылығы тәрепинен үйренилип шығылып, бул усыныс ҳәм пикирлер тәлим- тәрбия процессин раўажландырыўда ҳәм әмелиятта қолланыўда есапқа алынады.
Мәрҳамат мүрәжат, пикир ҳәм усынысыңызды жоллаўыңыз мүмкин. Тийисли қәнигелер тәрепинен сизге жуўап бериледи!
Соның менен бирге, Сиз билдирген усыныс ҳәм пикирлер Қаракалпақ мәмлекетлик университетинде тәлим-тәрбия процессин алға илгерилетиўде, әсиресе Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша машқалаларды унамлы шешиўде пайдасыни тийгизери сөзсиз!
Телеграм bot мәнзилимиз:

http://t.me/QMU_hayalqizlar_bot

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәт Кенеси.

Пайдалы дереклер