Ҳүрметли АБИТУРИЕНТЛЕР ҲӘМ АТА-АНАЛАР!
Сизге мәмлекетимиз жоқары оқыў орынлары арасынан бизиң БЕРДАҚ АТЫНДАҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИК УНИВЕРСИТЕТИН таңлағаныңыз ушын өз миннетдаршылығымды билдиремиз!
Бизиң жәмәәт өз алдына заманагөй билимлерди ийелеп, тараўдың жетик қәнигеси болыўды ҳәм де жанажан Ўатанымыз раўажланыўына үлес қосыўды нийет еткен умтылыўшы жасларға өз мақсетлерине жетисиўинде оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайды ҳәм бар имканиятлардан пайдаланады.
2020-2021 оқыў жылында БЕРДАҚ АТЫНДАҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИК УНИВЕРСИТЕТИ күндизги, кешки ҳәм сыртқы тәлим формалары бойынша 64 бакалавриат тәлим бағдарларына 4625 студентти қабыл етеди.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен жаслардың жоқары билим алыўы ушын жаратылған шәрт-шәраятлар жылдан-жылға кеңейип, инсан капиталына мәмлекет тәрепинен жүдә үлкен инвестиция киргизилмекте. Бундай ғамхорлық нәтийжесинде студентликке қабыл етилген жаслар саны ақырғы үш жылда үш есеге асты. Усы жылда абитуриентлердиң ҳүжжетлерин дизимнен өткериў толық онлайн тәризде әмелге асырылды. Бизиң БЕРДАҚ АТЫНДАҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИК УНИВЕРСИТЕТИне кириў ушын 33455 абитуриент ҳүжжетлерин дизимнен өткерген.
Бүгинги күнде дүнья жүзинде ҳүким сүрип турған пандемия себепли мәмлекетимиз жоқары оқыў орынларына кириў имтиханлары мүддетлери кешиктирилди. Бул, Сиз – жаслардың денсаўлығын ойлап, өз билимиңизди көрсетиў ушын қолай ҳәм шәрт-шәраят жаратыў мақсетинде етилди.
Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен кириў имтиханлары қалалар ҳәм ўәлаятларда орайлық стадионларда, яғный ашық майданларда карантин талапларына қатаң әмел еткен ҳалда 2020-жыл сентябрь айының 2-сәнесинен баслап өткерилиўи режелестирилди.
Сиз паспортыңыз ҳәм Мәмлекетлик тест орайы (МТО) рухсатнамаңыз бенен рухсатнамада көрсетилген мәнзилге белгиленген ўақытта жетип келиўиңиз зәрүр. Еслетип өтемиз, МТО рухсатнамаларны усы жылдың 22-августынан баслап МТО сайты (www.dtm.uz) ндағы жеке кабинетиңиз арқалы алыўыңыз мүмкин!
Ҳүрметли Абитуриент!
Имтихан күни белгиленген мәнзилге карантин қағыйдаларына әмел етип, қәўипсизлигиңизди тәмийинлеп, жақсы кейпиятта ҳәм өз ўақтында жетип келиўиңизди сораймыз.
Әзиз ата-аналар ҳәм жақынларыңыздан имтихан күнлери үйде қалып, имтихан процесслерин онлайн бақлап бараўыңызды сораймыз.
Өзиңизди қызықтырған барлық сораўларға жуўапларды old.karsu.uz сайты, https://t.me/qmu_qabillaw_2020 телеграмм каналынан алыўыңыз, сондай-ақ, karsu_info@edu.uz электрон мәнзилге яки 0(361)2236006 санлы телефонға мүрәжәәт етиўиңиз мүмкин.
Умытпаң, тек пухта таярлық ҳәм күшли билим менен ғана студент болыў бахтына миясар болыўыңыз мүмкин. Солай екен, бир минутта билим алыў ҳәм өз үстиңизде ислеўден тоқтамаң! Сизге усы сынаўлардан өтип алыўыңызда үлкен табыслар тилеймиз!
Әўмет яр болсын!
Ҳүрмет пенен,
Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры т.и.д., проф. АХМЕД РЕЙМОВ