Қаракалпақстанда «ImkonLab» социал исбилерменлик жойбарына старт берилди. Бул жойбар республикамызда биринши мәрте өткерилмекте. Жойбар мақсети – халық арасындағы машқалаларды шешиӯши стартап жойбарларын қоллап-куӯатлаӯшы UNICEF ҳәм Өзбекстан Жаслар аӯқамы менен биргеликте өткериӯ. Онда еӊ жақсы 10 жойбар таӊлап алынды. Еӊ қуӯанышлы тәрепи, усылар катарында университетимиздиӊ биология факультетиниӊ 3-курс студенти Хожанова Гулбану «jobs.karakalpak.uz» жойбары менен қатнасып, биринши басқыш жеӊимпазы болды.