Социаллық тармақларда топар қадағалаўшысы парта астына бир нәрсени қойып кеткени сәўлеленген видео кең тарқалмақта ҳәм тармақлардың пайдаланыўшылары арасында қызғын пикир-таласларды пайда етпекте. Мәмлекетлик тест орайы видеоға билдириў жәриялады.
Мәмлекетлик тест орайының мәлим етиўинше, бул жерде ҳеш қандай тәртип бузыўшылық жағдайы жоқ.
Усы жағдайды басқа камерадан түсирилген видеоларды көрип, буған өзиңиз баҳа бериўиңиз мүмкин.
Хабарда жазылыўынша, топар қадағалаўшысы партаның астына телефон ямаса сол сыяқлы қандайда бир қурылманы емес, ал медициналық нықапты қойған.