ДАҒАЗА

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 7-февралдағы 56-Ф-санлы бийлиги менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасында 2020-жылда халықаралық ҳәм республика көлеминде өткерилетуғын илимий ҳәм илимий-техникалық конференциялар режесине тийкарланып, усы жылдың 24-25-сентябрь күнлери Ташкент мәмлекетлик педагогика университети жанындағы Т.Н.Қори-Ниёзий атындағы Өзбекстан Педагогика илимлери илимий изертлеў институтында “Билимлендириў системасын модернизациялаў шәраятында ержетпегенлер арасында  жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасының жәмийетлик-педагогикалық ҳәм ҳуқықый тийкарларын жетилистириў” темасында республика илимий-әмелий конференциясы өткерилиетуғынлығын мәлим етемиз.

Конференцияға мақала ҳәм тезислер усы жылдың 15 сентябрь күнине шекем өзбек, рус, инглис тиллеринде (Ташкент қаласы, Чилонзар районы, Фурқат көшеси 174-үй) тәрепинен қабыл етиледи.

Мүрәжат ушын телефон: 97-926-46-68, 97-750-71-63. Ташкент мәмлекетлик педагогика университети жанындағы Т.Н.Қори-Ниёзий атындағы Өзбекстан Педагогика илимлери илимий изертлеў институты.

Конференцияға хабарландырыў хаты қосымша етиледи.

[pdf-embedder url=»https://old.karsu.uz/wp-content/uploads/2020/09/87-03-3147-08.09.2020.pdf»]

 

Пайдалы дереклер