ҚМУда жаңа проректор тайынланды

Педагогика илимлери бойынша философия докторы (PhD), Алауатдинов Сахабатдин Иниятдинович 2020-жылдың сентябрь айының 15-сәнесинен баслап Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлигиниң 2020-жылдың 15-сентябрдеги 255 к-санлы буйрығына тийкар Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Жаслар менен ислесиў бойынша проректор лаўазымына тайынланды.
Сахабатдин Иниятдиновичқа Ўатанымызды раўажланыў ҳәм өсиўге қарай жетеклейтуғын, руўхыйлық , көркем-өнер, тәлим-тәрбия билимлер нурын келешек әўлад санасы ҳәм қәлбине сиңдириўдей шарапатлы ҳәм жуўапкерли жумысларында үлкен табыслар тилеймиз.

Мағлыўмат ушын: Алауатдинов Сахабатдин Иниятдинович усы күнге шекем Архитектура факультети оқыў ислери бойынша декан орынбасары лаўазымында жумыс алып барған.

Пайдалы дереклер