ДАҒАЗА
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети 2021-жыл ушын төмендеги қәнигеликлер бойынша таяныш докторантураға ҳәм докторантураға талабанларды қабыллайтуғынын дағазалайды!
Таяныш докторантураға(PhD):
01.04.10-Ярымөткизгишлер физикасы;
02.00.13-Органикалық емес затлар ҳәм олар тийкарындағы материаллар технологиясы;
03.00.06-Зоология;
03.00.08-Адам ҳәм ҳайўанлар физиологиясы;
03.00.10-Экология;
07.00.07-Этнография, этнология ва антропология;
08.00.04-Аўыл-хожалығы экономикасы;
08.00.13-Менеджмент;
09.00.01-Онтология, гнесология ҳәм логика;
10.00.03-Қарақалпақ тили;
10.00.12. Қарақалпақ әдебияты;
11.00.02-Экономикалық ҳәм социаллық география;
12.00.02-Конституциялық ҳуқық. Ҳәмикшлик ҳуқықы. Финанс ҳәм бажыхана ҳуқықы;
12.00.08-Жынаят ҳуқықы. Ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў. Криминология. Жынаят-орынлаў ҳуқықы;
Докторантураға(DSc)
07.00.01-Өзбекстан тарийхы;
10.00.12-Қарақалпақ әдебияты;
Талабанлар төмендеги ҳүжжетлерди усынады:
– арза;
– қысқаша биографиялық мағлыўмат;
– паспорт;
– мийнет дәптершесинен белгиленген тәртипте тастыйықланған көширме (жумыс ислеп атырғанлар ушын);
– жоқары оқыў орны магистратурасы дипломы, жоқары мағлыўмат (қәнигелик бағдарлары бойынша) ҳаққындағы диплом нусқасы;
– баспадан шыққан илимий ислер дизими, сондай-ақ олардың нусқалары;
– Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик стипендиясы жеңимпазлары ушын тийисли ҳүжжет нусқасы.
Философия докторы (PhD) дәрежесин алыў ушын өз бетинше излениўшиликке талабанлар төмендеги тәртипте рәсмийлестириледи:
Жоқарыдағы қәнигеликлер бойынша 2021-жыл ушын өз бетинше излениўшилердиң де ҳүжжетлери қабылланады.
– арза;
– қысқаша биографиялық маглыўмат;
– магистр дипломы ямаса жоқары мағлыўмат (қәнигелик бағдарлары бойынша) ҳаққындағы диплом нусқасы;
– мийнет дәптершесинен белгиленген тәртипте тастыйықланған нусқасы;
– илимий мийнетлер дизими ҳәм олардың нусқалары;
– жумыс орнынан минезлеме;
Өз бетинше излениўшиликке ҳүжжет тапсырыўшы талабанлардан кеминде 2 жыллық илимий-педагогикалық мийнет стажы ямаса белгили илимий жетискенликлерге (ашылыўлар ушын патентлер ямаса авторлық гуўалықларына) ийе болыўы лазым.
Ҳүжжетлер http://phd.mininnovation.uz/ силтемеси арқалы онлайн тәртипте де рәсмийлестирилиўи тийис.
Мәнзил: Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Академик Ч.Абдиров көшеси, 1-жай. Телефон: +99861-223-60-62.
Ҳүжжетлер 2020-жылдың 15-октябрь сәнесине шекем қабылланады.