Германия Тәлим ҳәм изертлеўлер федерал министрлиги (БМБФ) еки мәмлекет жоқары тәлим мәкемелери, илимий-изертлеў институтлары ҳәм илимпазлары шериклигиндеги илимий жойбарларға грант ажыратыў бойынша қарар қабыл еткенлигин мәлим етемиз.
Жойбарлардқ финанслық тәмийнлеў таңлаў тийкарында болып өтеди. Таңлаўға төмендеги бағдарлардағы жойбарларды усыныў мүмкин:
- Қалалар ҳәм аймақлардың турақлы раўажланыўы (саналы қалалар (Smart Cites) қалалардағы транспорттың интеграцияланған системасы, аўыллық орынларда базарларды раўажландырыў ҳәм ҳ.);
- Ықлым ҳәм қоршаған орталық (ресурсларын асыраў ҳәм қайта тиклеўде технологиялар, суў ҳәм суў ресурсларынан ақылға сай пайдаланыў, шығындылар менеджменти, жерди қайта ислеўде инновациялық шешимлер);
- Турақлы аўыл хожалығы (экономикалық, экологиялық және социаллық жақтан сәйкес болған агробизнес, логистика, аўыл хожалығын басқарыў);
- Жаңа материаллар ҳәм заманагөй қурылыс технологиялары, сондай-ақ материаллық мийрасларды сақлаў ушын инновациялық технологиялар (жаңа қурылыс материаллары сапасы ҳәм хызмет мүддетин асырыў, материаллық мийрасларды анализ етиў, қорғаў ҳәм сақлаўда технологиялар, материаллар ҳәм инновациялық шешимлер);
- Қәўипсиз, таза ҳәм нәтийжели энергия (энергия сарпын кемейтиў, қәўипсиз, турақлы ҳәм бәсекиге шыдамлы энерия системасын тәмийинлеў технологиялары, қуяш энергиясы, биоэнергетика ҳәм б.);
Таңлаўда қатнасыў ушын Германия Федерал Республикасынан “жойбарды әмелге асырыў бойынша шерик” пенен келисиледи ҳәмде жойбар эскизи шериклер тәрепинен бөлек-бөлек таярланып тапсырылады (тек бир тәрептен усыныс етилген жойбарлар таңлаўдан шетлестириледи).
Дәслепки басқышда шериклер англичан тилиндеги жойбар эскизини “easy-online” электрон системасы арқалы жибериўлери лазым: https://feorderportal.bund.de/easyonline/reflink.jst?m=WTZ UZB&t=SKI
Мүддет – 2020 жыл 1-октябръ.
Таңлаў шәртлери ҳәм жойбарды тапсырыў бойынша толық мағлыўмат қосымша етиледи.
[pdf-embedder url=»https://old.karsu.uz/wp-content/uploads/2020/09/unnamed-file.pdf» title=»—————–«]