Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2020-жылы 23-сентябрде БМШ ның Бас Ассамблеясының 75-сессиясында қылған баянаты өз алдына тарийхый баянат болды. Себеби, Ренессанс дәўиринде жаратылып атырған «Жаңа Өзбекстан»ға сай Президент баянаты өзбек тилинде алып барылыўы, дүнья жәмийетшилигиниң тилимизге болған үлкен бир ҳүрмет белгиси болып есапланады. Президентимиз баянатында дәслеп, ҳәзирги күнде глобал проблемаға айланған коронавирус пандемиясының пүткил инсанияттың ҳәлсиз тәреплерин көрсетип бергенлигин, жер жүзиндеги барлық мәмлекетлер ҳәм халықлар өз-ара байланыслы екенлигин ҳәм үлкен бир шаңарақ ағзасындай бирлесиўдиң зәрүрлигин дәлийледи деген креатив пикири әлбетте, бул көзге көринбес ҳийлекер душпанның қәўипли ақыбетлерин дүнья халықларын және де тереңирек түсиниўге шақырады.
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң баянатындағы мақсетимиз – ҳәр бир инсанның тийкарғы ҳуқық ҳәм еркинликлерин, саламатлығы ҳәм пәраўанлығын тәмийнлейтуғын әдалатлы глобал системаны биргеликте жаратыў керек деген логикалық пикири, дүньяның барлық сиясий жетекшилериниң дыққатын қарататуғынлығы сөзсиз.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев БМШ ның Бас Ассамблеясының 75-сессиясында қылған баянатында дүнья жәмийетшилигиниң нәзерине Өзбекстанда КОВИД-19 анықланған дәслепки күнлерден баслап барлық ҳәрекет ҳәм ресурсларымызды бул қәўипли кеселликти жылаўлаў ҳәм ең тийкарғысы – адамлардың өмирин сақлап қалыўға қаратқанлығын атап өтти. Ҳақыйқатында да, Президентимиздиң басламасы менен халқымыздың денсаўлығын сақлаў бойынша медицина системасында қылынған стратегиясы өзиниң жақсы нәтийжесин берди.
Халықаралық жәмийетшиликтиң пандемияға қарсы нәтийжели гүресиў бойынша барлық ҳәрекетлерин, сондай-ақ, зәрүр дәри-дәрмақ ҳәм де вакциналар ислеп шығыў, олардан кең пайдаланыўға қаратылған басламаларын Өзбекстан өзиниң сыртқы сиясат концепциясы қағыйдаларына ҳәм принциплерине толық әмел қылған ҳалда қоллап-қуўатлайды.
Сондай-ақ Өзбекстан Республикасы, Бас хаткер Антониу Гутерриштиң бүгинги кризисли шараятта азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийнлеўдиң актуаль проблемаларына бағышланган саммитти өткериў бойынша усынысын мақуллайды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев БМШ ның Бас Ассамблеясының 75-сессиясында қылған баянатында дүнья жәмийетшилигиниң дыққатын Өзбекстанда алып барылып атырған реформаларда ҳәрекет етиў системасының орнатылғанлығына қаратты. Буның ушын болса, жәмийеттиң барлық тараўларын модернизация қылыў бойынша кең көлемли ис-иләжлардың нәтийжесинде «Миллий тиклениўден – миллий жетилисиўге қарай» принципине толық жуўап береди. Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң пуқаралығы болмаған инсанлар санын кемейттириўге қаратылған шақырығына жуўап ретинде усы жылдың өзинде 50 мың ўатанласымызға Өзбекстан пуқаралығының берилиўи ҳақыйқатында да Өзбекстанның демократиялық ҳәм пуқаралық жәмийетти қурыўда ҳеш қашан артқа қайтпаслығынан дәрек береди.
Мәмлекетимизде диний еркинлик бойынша да шараят жақсыланды. Миллетлераралық татыўлық ҳәм динлераралық кеңпейилликти және де беккемлеў Өзбекстан ушын бәрқулла ең әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады. Ҳақыйқатында да, миллетлераралық идеясы менен динлераралық кеңпейиллик идеясы жәмийетимизде тынышлық ҳәм турақлылықтың тәмийнлениўине хызмет қылады. Себеби, Өзбекстан көп миллетли мәмлекет. Соның менен бирге, дүньялық мәмлекет болып есапланады.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев БМШ ның Бас Ассамблеясының 75-сессиясында қылған баянатында төмендеги усынысларды атап өтти:
Бириншиден; Бирлескен Миллетлер Шөлкеми басшылығында Пандемиялар дәўиринде мәмлекетлердиң ықтиярый мәжбүриятлары ҳаққындағы халықаралық кодексти ислеп шығыўды усыныс қылды. Усы ҳүжжетте ҳәр бир мәмлекеттиң өз пуқаралары ҳәм халықаралық бирге ислесиўлери алдындағы мәжбүриятлары сәўлелендирилсе, көплеген проблемалардың унамлы шешилиўине тийкар жаратады.
Екиншиден; Орайлық Азия регионының глобал экономикалық, транспорт ҳәм транзит жолларына терең интеграциясын тәмийнлеў ушын БМШ басшылығында Транспорт-коммуникация байланысларын раўажландырыў территориялық орайын ашыў бойынша усыныс қылды. Буннан тийкарғы мақсет тек ғана Орайлық Азия мәмлекетлерин емес, дүнья мәмлекетлери менен глобал экономикалық өз-ара мәпдарлы байланысларды раўажландырыўдан ибарат. Соның менен бирге, глобал проблемаларды шешиўге дүнья жәмийетшилигиниң бирлесиўине түртки болады.
Үшиншиден; Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ҳәм инсан ҳуқықларын тәмийнлеўде парламентлер ролин асырыў ҳаққындағы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясын қабыл қылыўды усыныс қылды.
Төртиншиден; Бүгинги күнде Орайлық Азияда қәўипсизликти тәмийнлеў тараўында да нәтийжели бирге ислесиў алып барылмақта. Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Глобал антитеррор стратегиясы табыслы әмелге асырылмақта.
Өзбекстан усы стратегия көлеминдеги Регионаллық қоспа режениң 10 жыллық нәтийжелери ҳәм келеси режелерге бағышланған халықаралық конференцияны өткериў тәрепдары.
Бесиншиден; территориямыздың қәдимги ҳәм бай мәдений мийрасы глобал әҳмийетке ийе. Өзбекстан 2021 жылда ЮНЕСКО менен бирге ислесиўде қәдимги Хийўа қаласында “Орайлық Азия дүнья цивилизациялары кесилиспесинде” деген темада халықаралық форумды өткизиўге таяр.
Алтыншыдан; “Турақсызлық ҳәм бузғыншылық шараяттан – тынышлық ҳәм жаратыўшылыққа қарай” деген принцип тийкарында искерлик алып барыў әҳмийетли болып есапланады. Усы себептен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми жанында афган халқының дәрт тәшўишин тыңлайтуғын, бәрқулла искерлик көрсететуғын комитет шөлкемлестириў лазым. Усы комитеттиң тийкарғы ўазыйпасы Афганстанның экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўына көмек бериўден ибарат болыўы зәрүр. Себеби, Афганстан Орайлық Азияның ажыралмас бөлими. Өзбекстан Республикасы Афганстанда тынышлықты тәмийнлеўде сиясий позициясы беккем табылады.
Жетиншиден; Мәмлекетимиз басламасы менен Арал бойы аймағы ушын Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплемели шериклик траст фонды дүзилди. Усы фонд аўыр экологиялық аймақта жасап атырған халыққа әмелий жәрдем көрсетиў ушын халықаралық жәмийетшиликтиң таяныш платформасы болып хызмет қылады.
Өзбекстан Арал бойы аймағын экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы, деп жәрия қылыў ҳаққында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясын қабыл қылыўды усыныс қылады. Усы әҳмийетли ҳүжжет тастыйқланған сәнени болса Халықаралық экологиялық системаларды қорғаў ҳәм тиклеў күни сыпатында нышанлаў мақсетке муўапық болар еди.
Сегизиншиден; Дүньяның ҳәр қыйлы аймақларында тынышсызлық сақланып қалып атырғанлығы, қарсылық ҳәм зорлықлардың артып баратырғанлығы, экологиялық апатшылықлар ҳәм басқа заманагөй қәўиплер қашшақлық ҳәм камбағаллықтың глобал проблемаларын күшейттирмекте.
Бул проблемалар әсиресе пандемия шараятында кескин түс алмақта. Барған сайын кашшақлықтың ҳаўазы пүткил дүнья жәмийетшилигин, ҳәммемизди тынышсызландырыўы зәрүр.
Усы мүнәсебет пенен қашшақлықты сапластырыў ҳәм камбағаллықққа қарсы гүресиўди Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы нәўбеттеги сессиясының тийкарғы темаларынан бири сыпатында белгилеў ҳәм де усы мәселелерге бағышланған глобал саммитти өткериўди усыныс қылады.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев БМШ ның Бас Ассамблеясының 75-сессиясында қылған баянатындағы усыныслары дүнья жәмийетшилиги тәрепинен қоллап-қуўатланады. Себеби, Президентимиз баянатындағы сиясий идеялар тек ғана, халқымыздың мәплерине емес, ал соның менен бирге, дүнья мәмлекетлери ҳәм халықларының мәплерине толық хызмет қылады. Ең тийкарғысы, баянатта билдирилген Президентимиздиң сиясий идеялары ҳәм усыныслары халқымыздың денсаўлығын ҳәм пәраўанлығын тәмийнлеўге тийкар жаратады.
Арыслан Оразбаев – Бердақ атындағы
Қарақалпақ мамлекетлик университети
«Социаллық пәнлери» кафедрасы ассистенти