2020-жыл 29-сентябрь күни 1-октябрь «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» байрамы мүнәсибети менен Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетинде мәжилиси өткерилди.
Мәжилисти Қ.Турдыбаев байрам қутлықлаўы менен ашып берди ҳәм журналистика кафедрасы асистен оқытыўшысы М.Қудайбергенов, Қарақалпақ тил билими кафедрасы ассистент оқытыўшылары Ж.Таңирбергенов, Г.Алламбергенова. Қарақалпақ әдебияты кафедрасы ассистент оқытыўшысы И.Мәмбетовларға университет ректор А.Реймовтың ҳүрмет жарлықлары ҳәм байрам саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.
Байрам мүнәсибети менен сыйлықланған оқытыўшыларды қарақалпақ әдебияты кафедрасы профессоры Қ.Оразымбетов ҳәм кафедра баслықлары М.Қудайбергенов, Д.Бекбаулиев, А.Досымбетовалар байрам менен мәжилис қатнасыўшыларын қызғын қутлықлап жәмәәтке үлкен табыслар тиледи.
Байрамыңыз және бир мәртебе қутлы болсын әдиўли устазлар.




