Ассалаўма әлейкум ҳүрметли мийманлар, әдиўли Устазлар ҳәм әзиз кәсиплеслер!
Дүньядағы ең уллы, абырайлы ҳәм мақтанышлы кәсип ийеси болған Сиз-Әзизлерди, қутлы сәне – «1- Октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» улыўма халықлық байрамы менен шын жүрегимнен қызғын қутлықлайман!
Қәдирли Устазлар ҳәм профессор-оқытыўшылар!
Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мироманович Мирзиёев: «Исенимимиз кәмил, халқымыз зыялыларының ең алдыңғы ўәкиллери болған сиз, ҳүрметли муғаллим ҳәм устазлар мәмлекетимизде жәмийетлик-мәнаўий орталықты жақсылаў, жаслар арасында саламат турмыс тәризин тәмийинлеў, жәмийетимизде тынышлық ҳәм татыўлықты беккемлеў бойынша алып барып атырған ислериңизди сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў, турмыста өзин ақлаған мектеп – шаңарақ ҳәм мәҳәлле бирлигине тийкарланған жәмийетлик система нәтийжелигин асырыўда белсене қатнасып, бәршеге өрнек ҳәм үлги боласызлар!»-деп атап өткен еди.
Ҳақыйқатында да, Сиз устазлардың – жасларымыздың қәлбине ҳәм сана – сезимине Ана – Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық туйғыларын сиңдириў, оларды түрли унамсыз қәўип-иллетлерден сақлаў, кәмил инсан етип тәрбиялаў жолындағы пидәйы хызметлериңизди бәрше ата-аналар, кең жәмийетшилигимиз, пүткил халқымыз жүдә жақсы биледи ҳәм айрықша қәдирлейди!
Халқымыз әзел-әзелден – Устазларды, көпти көрген, ақыл-зәкаўаты ҳәм зыялы пазыйлетлери менен ел арасында жүдә қәдирлеп-қәстерлеп келген. Солай екен, бул дүньяда ҳәр қандай инсан, келешекте қай жерде, қандай кәсипти, қайсындай лаўазымды ийелемесин, жаслығында өзине билим ҳәм тәрбия берген Устазлары алдында, ҳәмийше миннетдарлық туйғысы менен жасайды!
ӘЗИЗ ДОСЛАР!
Ғәрезсизлигимиздиң өткен 29 жылы – журтымызда билимлендириў тараўында үлкен жетискенликлер дәўири болды. Мәмлекетимизде жаслардың тыянақлы билим, тәрбия алыўын жәҳан стандартлары талабы дәрежесинде тәмийинлеўге хызмет ететуғын кадрлар таярлаў системасы жақсы жолға қойылды.
Быйылғы оқыў жылы да усы жетискенликлердиң даўамлылығын тәмийинлейди деп исенемиз. Халқымыз ушын үлкен сынақ дүнья бойлап тарқалған пандемея бизиң мәмлекетимизди де шетлеп өтпеди. Ири-ири кәрханалар, мәмлекетлик шөлкемлер, карантин дәўиринде ўақтынша жумысын тоқтатыўға мәжбүр болды. Бирақ билимлендириў саласы раўажланған заманагой технологиялар жәрдеминде оқытыўдың жаңаша онлайн усылында алып барылыўына еристи. Тек ғана тәлим бериў менен шекленип қалмастан параллель түрде тәрбия жумыслары да аралықтан, онлайн шөлкемлестирилди. Университет профессор-оқытыўшылары тәлим ҳәм тәрбияны тендей алып барыўы нәтийжесинде студентлеримиз көп ғана жетискенликлерге еристи.
Бүгинги салтанатлы кешеде жетискенликлеримиз ҳаққында айтатуғын болсақ, өткен ҳәм быйылғы жаңа оқыў жылы университетимиз жәмәәти ушын айрықша жаңалық ҳәм үлкен табысларға толы жыл болды. Булардан атап айтатуғын болсақ университетимизден еки бирдей қызымыздың, яғный магистратура бөлими магистранты Ибрагимова Назокат ҳәм өзбек филологиясы факультети 4-курс студенти Шарипбаева Назокаттың Президентимиз тәрепинен шөлкемлестирилген «Зулфия атындағы мәмлекетлик сыйлық ийеси болыўы, соның менен бирге , жақында , яғный өткен айда География факультети 3-курс студенти Атабек Рахимбаевтың «Мард» уғлан» мәмлекетлик сыйлығын алыўы, Дене мәденияты факультети 4-курс студенти Клара Дәрменбаеваның Жаслар күни алдынан « Өзбекстан белгиси» көкирек нышаны менен сыйлықланыўы, Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети питкериўшиси Наргиза Балтабаеваның «СНГ мәмлекетлериниң ең жақсы студенти-2020» таңлаўында биринши орынды ийелеўи, жас шайыра қызымыз, Шет тиллери факультети 2-курс студенти Меҳрибан Қартбаеваның «Мухаммед Юсуп избасарлары» Республика таңлаўында 1-орынды алыўы булардың ҳәммеси де- әзиз Устазларының мақтанышы!
Ҳүрметли Кеше қатнасыўшылары ҳәм қәдирдан ветеран-Устазлар!
Өзиниң өткен 40 жылдан аслам тарийхы даўамында бизиң университетимиз жәмәәти мәмлекетимиздиң раўажланыўын тәмийинлейтуғын барлық тараўларға көп санлы қәнийгелерди таярлап бергенлигин, әлбетте, сизлер менен бирликте толық мақтаныш ете аламыз! Бунда, дерлик ҳәр бириңиздиң оғада салмақлы үлесиңиз бар! Ҳақыйқатын айтқанда, Университетимиздиң бәрше жетискенликлери – Сизлердиң пидәйы хызметиңиздиң жемиси!
Өзиниң – көзиниң нурын, қәлбин, қалаберсе, пүткил барлығын бағышлап, бәршеге жақсылықтан сабақ берген, «атаңдай-уллы, анаңдай-меҳрибан» Сиз-әзиз устазлардың, ҳеш нәрсе менен теңеп, салыстырып, баҳалап болмайтуғын машақатлы ҳәм шарапатлы мийнетиңиз ушын халқымыз ҳәр дайым шексиз миннетдаршылығын билдиреди!
Жақында ғана Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 29 жыллығы алдынан университетимиз профессоры, ветеранлар кенеси баслығы Бахтияр аға Әбдикамаловтың «Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы» мәмлекетлик атағы менен сыйлықланыўы, «Әмелий математика» кафедрасы профессоры, Аманбай Отаровтың» 1-дәрежели Мийнет ветераны мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланыўы, «Ҳуқықтаныў кафедрасы» профессоры Қарлығаш апа Умарованың «Қарақалпақстан республикасына мийнети сиңген юрист» мәмлекетлик атағын алыўы, кеше ғана университетимиздиң 3 бирдей профессор-оқытыўшылары «Архиеология кафедрасы доценти Мырзалы аға Төребековтың, Арнаўлы сыртқы бөлим баслығы Фархад Қутлымуратовтың ҳәм Санат технологиясы факультети декан орынбасары Шухрат Мусировлардың «Меҳир-сақаўат» көкирек нышаны менен сыйлықланыўы сондай-ақ, Социаллық пәнлер кафедрасы доценти Хатира Камалованың, Университет ректорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Инжайым Сейтназарованың ҳәм де университет руўхый-ағартыўшылық бөлими баслығы Икрам Жуманиязовлардың Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен «Ҳүрмет жарлық»лары менен сыйлықланыўы – устазлар ерискен бул жетискенликлердиң бәршеси жәмәәтимиздиң абройын және де жоқары көтерди!
Ҳүрметли Устазлар ҳәм профессор – оқытыўшылар!
Елимизде қайсындай жетискенликлерге, қандай табысларға ерисилген болса, оның негизинде, бәринен бурын, журтымыздың келешеги болған жас аўладты тәрбиялаў жолындағы – әдиўли педагог-устазларымыздың пидәкерлик мийнетлери, ақыл-парасаты, беккем ерк-ықрары жәмлескен!
Сиз-әзизлерди, «1-октябрь-Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» улыўма халықлық байрамы менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем ден саўлық, бахыт-ығбал, шаңарағыңызға қут-берекет тилеймен!
Байрамыңыз қутлы болсын, әзиз -Устазлар!
Дыққатларыңыз ушын рахмет!