2020-жыл 29-сентябрь күни 1-октябрь «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» байрамы мүнәсибети менен Қурылыс факультетинде мәжилис өткерилди.
Мәжилисти факультет деканы Т.Узақов байрам қутлықлаўы менен ашып берди ҳәм Имаратлар ҳәм сооружениелер қурылыс кафедрасы доценти т.и.к. Н.Сапарниязов ҳәм т.и.к. Қ.Даўлетов, Инженерлик коммуникациялар қурылысы ассистент оқытыўшысы Г.Абдиганиеваларға университет Ректоры А.Реймовтың ҳүрмет жарлықлары ҳәм байрам саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.
Байрам мүнәсибети менен сыйлықланған профессор-оқытыўшыларды Имаратлар ҳәм сооружениелер қурылыс кафедрасы баслығы Г.Утегенова, Инженерлик коммуникациялар қурылысы кафедрасы баслығы Р.Ешниязовлар байрам менен мәжилис қатнасыўшыларын қызғын қутлықлап жәмәәтке үлкен табыслар тиледи.
Байрамыңыз және бир мәртебе қутлы болсын әдиўли устазлар.
Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары
С.Нурниязов
