Тараў хызметкерлери сыйлықланды

Барлық дәўирлерде де оғада қыйын ҳәм жуўапкершиликли болған ислерди өз мойнына алған, ески қәлиплерден ўаз кешип, бул салада жаңа жолларды ашып берип атырған, адамлардың көз-қарасын және де байытыў ушын тынымсыз мийнет етип атырған пидайы инсанлардың бир қарағанда көзге тасланбайтуғын, лекин, үлкен қунт, билим ҳәм тәжирийбени талап ететуғын умтылыс ҳәм әмелий ҳәрекетлерин кең қоллап-қуўатлаўымыз, олардың жемисли нәтийжелерге ерисиўи ушын ҳәр тәреплеме шәраят жаратып бериўимиз лазым.
1-октябрь “Муғаллимлер ҳәм устазлар байрамы”. Сәне мүнәсибети менен ҚМУдың бир топар ағзалары тәрепинен университетте көп жылар даўамында мийнет етип, ҳәзирги ўақытта напақа жасындағы Нуранийлер ҳалынан хабар алынды ҳәм байрам қарсаңында оларға Университет ректораты тәрепинен естелик саўғалары тапсырылды.
Сондай-ақ, университеттиң студентлер турар жайында жасап атырған бир топар шет ел студентлерине ҳәм де усы дәргайда тынымсыз мийнет етип атырған бир қанша хизметкерлерге азық-аўқат өнимлери тарқатылды.
Бундай қайыр-сахаўат ислери буннан кейин де даўам етеди…

Азизбек Дабылов

Пайдалы дереклер