1-октябрь – “Муғаллимлер ҳәм устазлар күни” байрамы қарсаңында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев бир топар Қарақалпақстанлы оқытыўшы ҳәм муғаллимлерди мәмлекетлик атақлар менен сыйлықлады.
Солар қатарында Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры Реймов Ахмед Мамбеткаримович “Дослық” ордени менен сыйлықланды. Бул – Президентимиздиң Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине айырықша итибар менен қарап атырғанлығының бир белгиси болып есапланады.
Бизлер университеттиң гүллән педагог-хызметкерлери ҳәм студентлери атынан Ахмед Мамбеткаримовичти қызғын қутлықлаймыз ҳәм оның илимий-педагогикалық жумысларында тасқын табыслар тилеймиз!
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жәмәәти.