Бахыт қушағында жайнаған қызлар

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 12-июньдағы “2020-2021- оқыў жылында Өбекстан Республикасының жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыл етиўдиң мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери ҳаққында”ғы ПҚ-4749-санлы қарарына муўапық ҳаял-қызларға қосымша төрт процентлик мәмлекетлик грант тийкарында квота ажыратылған еди.
Президент қарарына муўапық, 2020-2021-оқыў жылы қабыллаў дәўиринен баслап Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен берилетуғын усыныснамаға ийе болған ҳаял-қызлар ушын бакалавриаттың күндизги тәлим түри бойынша улыўма белгиленген мәмлекетлик грант бойынша қабыллаў көрсеткишлерине салыстырғанда қосымша төрт процентлик мәмлекетлик грант бойынша қабыллаў көрсеткишлери ажыратылды.
Усы оқыў жылында 27 қыз Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти болыў бахтына миясар болды. Усы мүнәсибет пенен университеттиң оқыў ислери бойынша проректоры О.Дүйсенбаевтың басшылығында ректорат жәмәәти мәмлекетлик грант негизинде қабыл етилген усы студентлерге университет қутлықлаўы ҳәм де естелик саўғаларын тапсырыў мақсетинде шаңарақларына барды.
Ушырасыў пайтында университет проректоры О.Дүйсенбаев студент болған қызларды шын кеўилден қутлықлады, олардың келешекте жоқары оқыў орнын табыслы тамамлап, елимиздиң раўажланыўы жолында хызмет қылатуғын жетик кадрлар болыўына тилеклеслик билдирди.

Азизбек Дабылов

Пайдалы дереклер