Илим бул- түпсиз тереӊ. Мине, усындай машақатлы жолдыӊ қыр-сырын үйретиўши бул албетте Устаз. Ҳәзирги пандемия шараятынан келип шығып, илим изертлеўден, үйретиўден шаршамаған өз кәсбиниӊ пидайысы, Қарақалпақ тил билими кафедрасы профессори Ш.Абдиназимов студент жасларға аралықтан тәлим бериў арқалы жаӊа әўладқа билим бериўден шаршаған емес. Ш.Абдиназимов ҳәзирги ўақытта ЗООМ программасы арқалы ҳәр ҳәптениӊ 2-күнинде, саат 14:30 да Кытайдың Пекин Минцзу университети профессоры, көрнекли тюрколог,филология илимлерниң доктори, профессор Еркин Аўгали менен биргеликте Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистикасы факультети, Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигиниӊ 3-курс студентлерине «Қарақалпақ тил тарийхы» пәнинен онлайн бинар лекция өтпекте. Е.Аўгали «Түркий тиллериниң классификациясы Алтай дәўири», «Орхон-Енисей естеликлери», «Уйғыр жазыў естеликлери» темаларында лекциялар оқып, студентлердиң қызықтырған сораўларына жуўапларберди. Лекциялар даўам етеди, қызығыўшыларды мират етип қаламыз. Лекциялар ҳәр ҳәптениң 2 күнинде саат 14:30 де басланады.

