«11-ОКТЯБРЬ ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ҚЫЗЛАР КҮНИ»

2020-жыл, 10 -октябрь күни Бердақ атындағы ҚМУ Ҳаял-қызлар кеңеси Химия-технология, Физика, Математика ҳәм Санаат технологиясыи факультетлери тәрепинен «11-Октябрь халықаралық қызлар күни» мүнасибети менен «Көзлеримниң ағы, қарасы қызлар» деп аталған байрам кешеси шөлкемлестирилди. Кешени ҚМУ ректорынын ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси
ЎзМТДП ҚР Кеңеси баслығының Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасары
И. Сейтназарова Кирис сөз бенен ашып берди ҳәм университет қызларын байрам менен қутлықлады. Илажға Нөкис қалалық Мәхәлле ҳәм шаңарақты қоллап-куўатлаў бөлими баслығы орынбасары, ЎзМТДП Нөкис қалалық кенеси депутаты Г.Абибуллаева қатнасты ҳәм қызларжанларды байрам менен қутлықлады. Ол өз сөзинде бүгинги күни мәмлекетимиз ҳәм де ҳүрметли Прездентимиз тәрепинен елимизде қызлар ушын жаратылып атрған имканиятлар ҳәм ғамхорлықлар ҳаққында айтып өтти.
Салтанатлы кеше ҚМУ студент қызларының таярлаған үш басқыштан ибарат көркем бөлим менен даўам етти. Көркем бөлимде университет китапқумар қызларының көркем әдебий оқыўлары ,жас шайыра қызларымыздың өз қәлемине тийисли қосықлары оқылды. Сондай-ақ, илажда қызларымыздын қол өнерлери, гилем оқыў, тоқыма тоқыў дизаинерлик ислери, сүўретлер көргизбеси ҳәм қызларымыздың өзлери қоллары менен дөреткен кийимлериниң модалар көргизбеси презентцяларда тамаша етилди. Кеше жүдә мазмунлы ҳәм қызықлы болып өтти.
Қызлар күнине арналған байрам илажлары университеттиң қалған факультетлеринде кесте тийкарында даўам етпекте.

ИНЖАЙЫМ СЕЙТНАЗАРОВА
ҚМУ РЕКТОРЫНЫҢ ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР МӘСЕЛЕЛЕРИ БОЙЫНША МӘСЛӘҲӘТШИСИ

 

Пайдалы дереклер