Ҳәр бир инсан мектеп дәўирлеринде оқып жүрген пайтларынан баслап-ақ, студент болыўды арзыў етеди. Студентлик бахтына ерисиў ушын тынымсыз ҳәрекет етеди. Ҳәр жылы сентярь айы келиўинен баслап, жоқары оқыў орынлары студентлер менен толы болар еди. Бирақ, дегенмен быйыл елимизде пандемия шараяты болыўына байланыслы жоқары оқыў орынлары студентлери оқыўын онлайн режимде баслаўға туўра келди. Өз устазларынан модель хәм зоом платформалары арқалы билимин жетилистирип бармақта. Бирақ, университет босағасына енди қәдем қойған студентлер өз оқыўын усы жылдың 12-октябрь сәнесинен баслап, карантин қағыйдаларын әмел еткен ҳалда дәстүрий тәризде баслап алды.
Университетимиздиң Қарақалпақ филологиясы хәм журналистика факультети де быйылғы 2020-2021-оқыў жылындағы 1-курс студентлериниң дәстүрий тәризде оқыўын баслап алды. 1-курслар ушын баслап атырған жаңа оқыў жылында факультет деканы Қ.Турдыбаев қатнасып 2020-2021-оқыў жылында студентлер қатарына қабылланып атырған жасларды жаңа оқыў жылы менен қызғын қутлықлады.
Дәслеп, оларға университет ҳәм факультетимизди таныстырыў сабақларын топар басшылары өтти. Бизлер 1-курс студентлериниң пикирлери менен қызықтық.
1-курс студенти Эльенора Муратбаева:
– Мен журналистика қәнигелине қабыл етилдим. Усы факультетке қабыл етилгениме қуўанышлыман. Университет босағасына қәдем атып, студентлик бахтына ерискенимнен өзимди бахтлыман деп есаплайман. Карантин жағдайы болыўына қарамастан факультетимизде оқыўдың дәстүрий тәризде басланыўы, әлбетте, университетке қабыл етилген 1-курс студентлери ушын үлкен қуўаныш болды десем қәтелеспеймен. Факультетимиздиң тәжирийбели профессор -оқытыўшыларынан билим алып өз кәсибимниң жетик маманы болып жетилисемен деген үмиттемен.
Университет босағасына дәслепки қәдемин атып атырған бәрше студент-жасларды қутлықлап, алдағы окыўларына табыслар тилеймиз.
Қарақалпақ филологиясы ҳәм
журналистика факультети
3-курс студенти Айгул Жийенбаева
2-курс студенти Азизбек Дабылов

