1-курс студентлери ушын “Сeн – қүдирeт дәрeги, бахыт мәкaны, жaнaжaн Өзбeкстaным!” урaны aстындa сабақлар болып өтти

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Архитектура факультетинде 12-октябрь куни Қала қурылыс ҳәмде коммунал инфра структураны шөлкемлестириў ҳәм басқарыў, дйуал ҳәм пардозлаўшы қурылыс материаллар технологиясы бағдарына қабыл етилген 1-курс студентлери ушын “Биринши курс мектеби” шеңберинде “Жоқары оқыў орынларында билим алыўды үйренемиз” атамасында сабақлар болып өтти.

Болып өткен сабақ барысында Архитектура факультети деканы Б.Кидирбаев 1-курска қабыл етилген студент жасларды жаӊа оқыў жылы менен қутлықлады ҳәм университеттиӊ ишки тәртип интизамы менен таныстырды ҳәм студент жасларға оқыў барысы ҳаққында қысқаша мағлыўмат берип өтти.

Соӊ Қала қурылыс ҳәм хожалыгы кафедрасы баслыгы А.Илясов, жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары З.Баекеев ҳәм оқыў ислери бойынша декан орынбасары А.Турдыбаевлар менен таныстырып өтти.

Пайдалы дереклер