Мехир-мириубет акциясы.

Халқымз балаларға өзиниң келешеги,ибратли ислеринииң дауамшысы,елдиң арын арлаушы,жирын жырлаушы әуләд сыпатинда оларға айрықша итибар қаратады. «Китапқумар»лар клубы ағзалары жыл дауамында Меҳрибанлық ўйинде тәрбияланип атырған балаларға қайырқомлиқ акция шөлкемлестирип келмекте. Мехр мириубет акциясына клуб басшысы Р.Қалмурзаева ҳәм клуб жетекшиси А.Жийенбаева басшылық етти.Илаж дауамында «Китапқумар» лар онлайн группасында Т.Жумамуратовтың 105 жыллығына арнап өткерилген« Арал теңизинен илҳәм алған шайыр» ҳәмде «Ғәрезсизлик байрамына бағышлап» өткерилген онлайн илажларда белсене қатнасқан меҳрибанлıқ ўйи тәрбияланыушылары клубымыз тәрепинен диплом менен сыйлықланды хәмде китаплар сауға қылынды.Сыйлықлау мәресиминде Т.Жумамуратов қызы М.Жумамуратова да қатнасып балаларға өзиниң сауғаларын берди. Мехрибанлық уйи тәрбияланыушыларынан усы жылы 6 оқыушы жоқарғы оқыу орны студенти болыуға мияссар болған, биз университетке студент болған жасларғада өз сауғаларымыз бенен бирге клубымызға ағзалық гуахнамамыздыда тапсырып, оларды келешекке қойған биринши қәдеми менен қутлықладық. .Меҳрибанлық ўйинде алып барған илажлари ҳәм балаларға көрсетип киятырған қайырқомлық ислери ушын клубıмıз басшысы Р.Қалмурзаеваны меҳрибанлық ўйи «Алғыснама» менен сыйлықлады.

Жийенбаева Айнура,Шет-тиллери факультети,

Аударма теорияси ҳәм әмелияты,3-басқыш студенти

Пайдалы дереклер