Усы жылдың 12-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Санаат технологиясы факультетиниң 1-басқыш студентлери менен танысыў сабақлары өткерилди. Бул иләжде факультет деканы Р.Қурбаниязов созге шығып әўелембар оқыўға киргенлиги менен қутлықлап, алдағы оқыўларда зор ғайрат пенен тоқтамай излениў, оқып өз ўстынде шуғылланып оқыў даргайындағы ҳәм басқада жарыс таңлаўларда белсене қатнасыў керек екенлигин айтыу менен бирге, университеттеги оқыў тартиби, кийиниў мәденияты, тәлим берип атырған устазларды хурмет етиў хәм олардың мәсләхәтлерине қулақ салып, университет ишки тәртип қағыйдаларына әмел етиў кереклигин айтып өтти. Иләж барысында факультет оқыў ислери бойынша декан орынбасары Б.Палўанов, факультет жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Ш. Мусиров, факультет хаял қызлар комитети баслығы Б. Артықбаева, факультет кураторлар кеңеси баслығы Ғ.Алланиязов ҳәм факультет жаслар аўқамы жетекшиси Ө.Бектурсинов шығып сөйлеп өзлериниң қымбатлы мәсләхәтлерин берди. Илим жолына жаңа қәдем басып атырған студентлер өз кураторлары, устазлары, кафедра ҳәм деканат администрациясы менен таныстырылды. Танысыў сабақлары карантин талапларына толық әмел етилген тәртипте алып барылды. Биз жаслар илимге интилиўшимиз соның ушында өз устимизде ислеп карантин талапларына әмел еткен халда турмысымызды, оқыўымызды алып барайық
Санаат технологиясы факультети 4-курс студенти Бектурсинов.Ө
