Шет тиллери факультетинде 1-курсқа қабыл етилеген студентлер ушын танысыў сабақлары өткерилди.

Усы жылыдың 12 октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Шет тиллери факультетинде 1-курсқа қабыл етилеген студентлер ушын танысыў сабақлары өткерилди. Таныстырыў сабақлары карантин талапларына толық әмел еткен ҳалда өткерилмекте.
Сабақ даўамында студентлер топар кураторлары тәрепинен сабақлар кестеси, сабақ өтетуғын профессор-оқытыўшылар менен таныстырылды.Сондай-ақ, керекли сабақлықлар ҳәм пайдалантуғын әдебиятлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Танысыў сабақлары арқалы студентлерде дистанцион (онлайн) тәлим алыў көнликпелери қәлиплестирилди.

Пайдалы дереклер