Быйыл Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамының қабыл етилгенине 31 жыл толады. Бул тарийхый ҳүжжет тийкарында өткен жыллар даўамында өзбек тили беккем ҳуқықый тийкар ҳәм жоқары статусқа ийе болды. Буны ҳәтте Президентимиз БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясында ана тилимизде баянат жасаӯы тилимизге болған ҳүрмет белгиси екенин көрӯимизге болады.
Өзбек тилиниң «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамының қабыл етилгенине 31 жыл толыӯ мүнәсибети менен бүгинги күнде мәмлекетимиздиң барлық орынларында ҳәр қыйлы әнжуманлар, ушырасыў ҳәм түрли илажлар әмелге асырылырып келинбекте.
Усындай илажлардың бири, усы жылдың 20-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Тил ҳәм миллет руӯхыйлығының раӯажы» атамасында илимий-әмелий әнжуманы шөлкемлестирилди.
Әнжуманды университеттиң Жаслар менен ислесиӯ бойынша праректоры С.Алаӯатдинов ашып берди ҳәм ол өз сөзинде Өзбек тилиниң жәмийеттеги тутқан орны, сондай-ақ, барлық жоқары оқыў орынлары қатарында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 2008-жылы Өзбек филологиясы факультетиниң шөлкемлестирилгенлиги ҳәм ол жерде кадрларды таярлаў бағдарында алып барылып атырған жумыслар ҳаққында тоқтап өтти. Буннан соң Өзбек тили ҳәм әдебияты кафедрасы, Қарақалпақ тилтаныӯ кафедрасы, Түркимен тили ҳәм әдебияты кафедрасы ҳәм Қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасы профессор оқытыӯшылары шығып сөйлеп, өзбек тилиниң әҳмийети, тил илимин раўажландырыў, оның тарийхы, басып өткен жоллары ҳаққында жыйналғанларға кең түрде мағлыӯмат берип өтти. Болып өткен әнжуманға ZOOM арқалы университет студентлериде қатнасты.
Әнжуман көркем-өнер ғайраткерлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Баспасөз хызмети.


