Муғаллим болыўға биринши қәдем…

Жас әўладлар келешекке баратқан,

Устазым деп сыйлап арқа сүйеген,

Қалың елге билим нурын таратқан, 

Мен муғаллим деген халықты сүйемен. 

        (И.Юсупов)

Устаз атаңдай уллы дейди, дана халқымыз. Устаз сөзи көтериңки даўыс пенен айтып қоятуғын әпиўайы сөз емес. Оқытыў, билим бериў, жас әўлад санасын раўажландырыў ушын оқытыўшыда педагогикалық билим, көнликпе ҳәм қәнигелик саўатлылық зәрүр. 

Бакалавр тәлим бағдарында оқыған, теориялық билимге ийе хәрқандай студент өз билимин әмелий жақтан да беккемлеўи тийис. Мине, усы жолда бизиң мәмлекетимизде жоқары кадрларды таярлаў, ағла оқытыўшыларды жетилистириўдиң дәслепки қәдеми сыпатында  жоқары оқыў орынларында  педогогикалық әмелият шөлкемлестирилген. 

Усындай педогогикалық көнликпесин асырыў бойынша бизлерди яғный Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети 4-курс студентлерин педагогикалық әмелиятқа жиберди. Бундай студентлер қатарында болыў мен ушын мақтаныш соның менен бирге мектеп оқыўшыларына билим бериў үлкен жуўапкершилик талап етеди. Бүгин  сегиз ҳәптелик әмелиятымыздың биринши күни. Әмелият басшыларымыз М.Оразымбетова ҳәм А.Қазақбаевалар менен бирге Нөкис қаласындағы 23-мектепке келдик. Мектеп хаққында оқыў ислери бойынша директор орынбасары Б.Алланиязов мағлыўматлар берди. Сондай-ақ, Б.Алланиязов мектептеги қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәниниң жоқары категориялы оқытыўшылары менен таныстырып, әмелиятшы студентлерди әмелият басшылары менен кеңесип мектептиң тийисли оқытыўшыларына бекитти. Келешек муғәллимлери ушын үлкен исеним билдирилди ҳәм ўазыйпалар  берилди.

 

Арман Нуржанов

Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети 4-курс студенти.

 

Пайдалы дереклер