ҚМУда илимий дәреже бериўши Илимий кеңестиң биринши семинары болып өтти

Усы жылдың 28-октябрь күни ZOOM программасы арқалы Өзбекстан Республикасы Жоқары Аттестация Комиссиясының 2019-жыл 30-декабрдеги Қарары менен тастыйқланған Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы илимий дәрежелер бериўши PhD.03/30.12.2019.Т.20.03 санлы Илимий кеңес қасындағы Илимий семинар өз жумысын баслады. Семинар мәжилисин Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими бас илимий хаткери, химия илимлери докторы Ш.Туремуратов ашып берди ҳәм жыйналғанларды Илимий семинардың биринши жумысы менен қутлықлады. Семинарды баслаў ушын Илимий кеңес баслығы, техника илимлери докторы, профессор, Бердақ атындағы ҚМУ ректоры А.Реймов шығып сөйлеп, усы Илимий кеңести шөлкемлестириўде жақыннан жәрдем берген инсанларға өз миннетдаршылығын билдирди: «Қарақалпақстанда органикалық емес затлар технологиясы ҳәм олар тийкарындағы материаллар технологиясы қǝнигелиги бойынша Илимий кеңес ашыў бурыннан киятырған арзыўымыз еди. Бул әлбетте устазлардың қоллап-қуўатлаўы менен амелге асырылды. Буның ушын оларға өз миннетдаршылығымды билдиремен. Илимий семинарымызда жақсы илимий жумыслар қорғалып, Өзбекстанда илим-пәнди көтериўге, буннан да жоқары дәрежеде раўажланыўға үлкен үлес қосады деген үмиттемен», – дейди ол сөзинде.

  Оннан соң Өзбекстан Илимлер Академиясы академиги, т.и.д., проф., ЎзР ИА Улыўма ҳǝм органикалық емес химия институты лаборатория баслығы Ш.С.Намазов сөзге шығып, төмендеги пикирлери менен бөлисти: «Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Улыўма ҳәм ноорганикалық химия институты, Ургенч мәмлекетлик университети ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети илимпаз устазлары менен биргеликте илим-пәнди раўажландырыўға өз үлесимизди қосыўымыз керек. Тек оқыў процесси емес, илимий кадрлары жоқары потенциалға ийе болған илим кандидаты, философия докторлары, илим докторларын жетилистирип шығарыўда өз үлесимизди қосыўымыз керек. Себеби, қаншелли илим раўажланса мәмлекет соншелли қудиретли болады. Мәмлекет қүдиретли болыўы ушын әлбетте илим раўажланыўы керек».

«Ҳақыйқатында да Хорезм ҳәм Қарақалпақстан үлкесинде бүгин үлкен байрам. Илим жәмәәти, келешеги бар болған жаслар ушын ҳақыйқый тарийхый байрам. Еки аймақ ушын нийет қылып ашылған Илимий кеңесимизде еле көп шәкиртлерди таярлаўды нийет қылғанбыз», – деп өз сөзин баслады Үргенш мәмлекетлик университети профессоры, техника илимлери докторы М.Жуманиязов. Ол да жыйналғанларды семинар мәжлисиниң биринши жумысы менен қутлықлап, семинар жумысына табыслар тиледи.

Соң Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Улыўма ҳәм органикалық емес химия институты «Фосфорлы төгинлер» лабораториясы докторанты Ш.Номозов «Қызылқум экстракцион фосфор кислотасы базасында суйық суспендирленген комплекс төгинлер алыў технологиясы» темасындағы 02.00.13 – Органикалық емес затлар ҳәм олар тийкарындағы материаллар технологиясы қәнигелигинен техника илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын таярлаған диссертация жумысы бойынша баянат жасады. Буннан кейин диссертантқа Илимий семинар ағзалары тǝрепинен бир қанша сораўлар берилди ҳǝм тийисли жуўаплар алынды.

Семинар жумысы даўамында 2 рецензент яғный, Қарақалпақ мәмлекетлик университети, факультет деканы техника илимлери кандидаты, доцент Р.Қурбаниязов ҳәм Қарақалпақ тәбиий илимлер илимий-изертлеў институты киши илимий хызметкери, техника илимлери бойынша философия докторы (PhD) Д.Алланиязовлардың рецензиялары тыңланды. Онда келтирилген кемшиликлер бойынша талапкер тǝрепинен жуўаплар берилди. Сораў-жуўаплар ҳәм пикирлер билдирилгеннен соң жуўмақлаўшы шешимлер ашық даўыс бериў жолы менен анықланды.

Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Улыўма ҳәм органикалық емес химия институты докторанты Ш.Номозовтың «Қызылқум экстракцион фосфор кислотасы базасында суйық суспендирленген комплекс төгинлер алыў технологиясы» темасындағы 02.00.13 – Органикалық емес затлар ҳәм олар тийкарындағы материаллар технологиясы қәнигелигинен техника илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын таярлаған диссертация жумысы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы илимий дәрежелер бериўши PhD.03/30.12.2019.Т.20.03 санлы Илимий кеңесте қорғаў ушын усыныс етилди.

 

Гоззал Жалгасова

ҚМУ, Санаат технологиясы факультети 3-курс студенти

Пайдалы дереклер