Китапқумарлар клубы жаңа оқыу жылында искерлигин баслады.

Китап- ақыл қаласы. Ол инсаният тәрепинен жаратылған ең қудиретли қурал деген еди даналар. Хәзирде Елимизде китапқумарлықты рауажландырыу, китапқумарлар санын еле де асырыу бағдарында көплеген жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда,.хәр бир оқыу орнында китапқумарлықты үгит-нәсиятлпау бойынша жаңадан мәлимлеме ресурс орайлары жумыс басламақта.
Жақында Қарақалпақ Мәмлекетлик Университети Китапқумарлар клубы да жаңа оқыу жылы ушын енди ғана оқыуға қәдем қойып атырған басланғыш курсларды өз әтирапына жәмлестирип, өз искерлигин баслады.
Бунда тийкарынан жаңа студент жаслар ушын клубтың ис-жойбары, жаңа оқыу жылындағы клубта қандай илажлар өткерилиуи хәм клуб сәрдарларының уазыйпалары хаққында клуб басшысы Раушан Калмурзаева түсиник берип өтти.
Әлбетте, бундай илажлардың әмелге асырылыуы бәрше жасларды еле де китап оқыуға шақырыуы сөзсиз.

Нилуфар Абдуллаева.
Китапқумарлар клубы ағзасы. Шет тиллери факултети студенти.

Пайдалы дереклер