Туризмди раўажландырыўға өз үлесимизди қосамыз

2020-жыл 3-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Экономика факультетинде факультет деканаты ҳәм Экономика кафедрасы тәрепинен шөлкемлестирилген «Туризм» бакалавр бағдарының 1-курсына қабылланған студентлериниң Өзбекстан Республикасы туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы баслығы Қусекеев Байрам менен ушырасыўы өткерилди. Ушырасыў барысында Мәмлекетимиздиң туристлик потенциалы, бул бағдардағы мәмлекетлик сиясат ҳәм Қарақалпақстан Республикасында туризмди раўажландырыў саласында исленип атырған жумыслар ҳаққында түсиниклер берди. «Туризм» бағдары 1-курс студентлери өзлерин қызықтырған бир қанша сораўларына анық жуўаплар алыўға еристи.

Пайдалы дереклер