ЖАҢА ОҚЫЎ ҚОЛЛАНБА

Жақында Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ тил билими кафедрасы профессоры Шамшетдин Абдиназимовтың авторлығындағы қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигиниң 2-курс студентлери ушын «Лингвопоэтика» оқыў қолланбасы Ташкент қаласындағы «Yoshlar nashriyot uyi» (Жаслар баспасы үйинде) жәрияланды. Оқыў қолланба Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм Орта арнаўлы билим министрлигиниң 2020-жыл 30-июньдағы 359-санлы буйрығы тийкарында орайласқан қаржылар есабынан басып шығарылды.

Бул оқыў қолланба мәмлекетлик билимлендириў талаплары тийкарында таярланып, онда көркем текстти лингвопоэтикалық үйрениўдиң теориялық мәселелери поэтикалық фонетика, поэтикалық морфология, поэтикалық семантика, поэтикалық синтаксис ҳәм текст лингвопоэтикасы бойынша материаллар берилген. Теориялық материаллар қарақалпақ әдебияты классиклери шығармаларынан алынған мысаллар тийкарында түсиндирилген.  

 

 

Қарақалпақ тил билими кафедрасы ассистенти,

ф.ф.д.(PhD)

 Г.Алламбергенова

Пайдалы дереклер