Университетимизде спорт жарысларына айрықша кеӯил бөлинип, факультетлер арасында турақлы түрде жарыслар өткерилип турылады.
Усы жылдың 13-ноябрь күни киши футбол бойынша 1-курслар арасында университет бириншилиги өткерилди.
Жарыс 17-ноябрь күни жуӯмақланды.

Жарысқа 14 факультеттен спортшы жаслар қатнасып, ең күшли командалар сыйлықлы орынларды ийеледи. Олардан 1- орынды География ҳәм тәбийий ресурслар факультети, 2-орынды Қурылыс факультети, 3-орынды Юридика факультети командалары ийеледи.
