Университетимизде қызларымыздың шаққанлығын, шебер аспазлығын ҳәм зийреклигин сыннан өткериӯ мақсетинде Химия технология факультети қызларының арасында «Ең қолы шийрин гүл қызлар» таңлаӯы болып өтти. Таңлаӯды Химия технология факультетиниң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша кеңеси баслығы Райхан Қалимбетова ашып берди ҳәм де сөз нәӯбетин университетимиз ҳаял-қызлар мәселелери бойынша кеңеси баслығы Инжайым Сейтназароваға берди.
Ол өз сөзинде қызларымызды оқыӯ менен биргеликте қызларымыздың аспазлық шеберлигин жақсы меңгериӯ кереклиги ҳаққында айтып өтти.
Химия технология факультети Жаслар ислери бойынша декан орынбасары Ғулам Султанов қызларымызға бүгинги күндеги жаратылған шараят ҳәм имканиятларға тоқтап өтти.Таңлаӯымызда ҳәр бир топар қызлары сәлемнама арқалы өзин таныстырып, сөз шеберликлерин көрсетип өтти. Саз-сәӯбетлерге бай болған таңлаӯымызда қызларымыз аспазлық қәбилети менен беллести ҳәм де төреши топар ағзалары тәрепинен әдил баҳаланды. Таңлаӯ соңында қызларымыз ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саӯғалар менен сыйлықланды.
Химия технология факултети
1б курс студенти, Базарбаева Жадыра.

