АТА-БАБАЛАР МИЙРАСЫ – АНА ТИЛИМИЗДИҢ САРҚЫЛМАС ҒӘЗИЙНЕСИ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәжилислер залында университет Ҳаял-қызлар кенеси басламасы менен «АТА -БАБАЛАР МИЙРАСЫ – АНА ТИЛИМИЗДИҢ САРҚЫЛМАС ҒӘЗИЙНЕСИ» атамасында ушырасыў кешеси болып өтти. Онда университеттиң жаслар менен ислесиў бойынша проректоры С.Алаўатдинов, университеттиң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша ректор мәсләҳәтшиси И.Сейтназарова, И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем-өнер музейиниң «Этнография» бөлими аға илимий хызметкери, «Дослық» ордени ийеси А.Пирназарова ҳәм университеттиң «Қызларжан» клубының белсенди ағзалары қатнасты.

Дәслеп университеттиң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша ректор мәсләҳәтшиси И.Сейтназарова  ушырасыў кешесиниң  мақсети, яғный ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған миллий қәдириятларымыздың, ески атамалардың, тарийхый сөзлеримиздиң мәнисин көпшилик жасларымыз биле бермейтуғынлығы, биз тилимиздеги усындай сөзлердиң мәнисин тереңирек аңлаўымыз ушын көбирек көркем әдебий шығармалар, фольклорлық шығармалар, халық аўызеки дөретпелерин, әсиресе тарийхый шығармаларды үзликсиз оқып барыўымыз кереклигин,  ҳәм де усындай  ушырасыўларда белгили қәнигелер менен  сәўбетлесиўлер алып барыў  арқалы сол сөзлердиң мәнисин жасларымыздың санасына қуйып, көбирек үгит-нәсиятлаўымыз кереклигин,  айтып өтти.

 Ушырасыўды ашып бериў ҳәм қутлықлаў ушын университеттиң жаслар менен ислесиў бойынша проректоры С.Алаўатдинов сөзге шығып, байрам менен жыйналғанларды қызғын қутлықлады. Ана тилимиздиң бүгинги турмысымыздағы әҳмийети, оның қаншелли сулыў ҳәм бай екенлиги, бүгинги күнде дүнья жүзинде 7000 нан аслам тил болатуғын болса, соның ишинде санаўлы ғана тилге мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлиги, сол тиллердиң арасында Қарақалпақ тилиниң де бар екенлигин мақтаныш пенен тилге алды.

          Илажда И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем-өнер музейиниң «Этнография» бөлими аға илимий хызметкери А.Пирназарова да сөзге шығып, пикирлери менен бөлисти: – Қарақалпақ тили дүньядағы бай тиллердиң бири болғанлықтан, оған мәмлекетлик тил бийлиги берилип отыр. Бизиң тилимиз оғада бай тил. Мине усы тилимизди сақлап қалып, тилимизге жаңадан сөз қоспасақ та, ата-бабаларымыздан мийрас болып қалған сөзлерди бизге керек емес, деп пайдаланыўдан шығарып тасламастан, оны да ара-тура пайдаланып жүриўимиз тийис. Тилимиздиң тазалығын сақлаў арқалы сизлердиң санаңызға, сизлер арқалы келешек әўладтың санасына тилимиздиң тазалығын, әҳмийетин, өзимизге тән болған, басқа халықлардан ажыралып туратуғын миллий өзгешелигимизди тил арқалы сиңирип барсақ, қарақалпақ тилимиздиң бийлигин сақлап қаламыз ҳәм сап таза ҳалында келешек әўладқа жеткерип берген боламыз.

Илаж даўамында «Қызларжан» клубының белсенди ағзалары болған шет тиллери факультети студенти М.Қартбаева, Санаат технологиясы факультети студенти Д.Ғайыпбаева, Химия технология факультети студенти Н.Куздыбаевалар өз қәлемлеринен дөрелген қосықларын жыйналғанларға оқып еситтирди.

 Университет дуўтаршы қызларының атқарыўындағы миллий қосықлар жыйналғанларға ҳақыйқый байрам кейпиятын бағышлады.

Гоззал Жалғасова.

ҚМУ, Санаат технологиясы факультети студенти.

Пайдалы дереклер