Әмелияттағы студентлеримиз

Мәлимлеме ресурс орайымызда ҳәр жылы тек ғана университетимиздиң студентлери емес, ал басқа да жоқары оқыў орынларының студентлери әмелий шынығыўлар алып барады.  МРО хызметкери Матакова Гүлнара әмелиятқа келгенлерди ҳәр бир бөлимде жумыслардың алып барылыў барысы менен таныстырып барады.

МРО да китаплардың жайластырылыўы, олардың дизимнен өткерилиўи, сондай-ақ, кирис ҳәм шығыслары ҳаққында Казакова Гүлжәҳән, китапларға шифр қойып, олардың карточкаларын толтырыў бойынша Данебекова Гүлистан ҳәм де Сейтмамутова Гүлжамаллар бар билимлерин берип бармақта.

  

  Ҳәзирги қунде МРОна ағза болғанларды электрон ағза қылыў бойынша Тлеўмуратова Дәригүл, китапларды электрон жағдайға келтириў бойынша Бекманова Гүлимхан ҳәм де китапларды каталогластырыў, олардың электрон вариантларын жайластырыў жумыслары менен Алучиев Азамат таныстырып, олардың келешекте жақсы қәниге болыўында бар билимлерин берип бармақта.

 

МРО Информациялық технологиялары бойынша жетекши қәниге

А. Алучиев.

Пайдалы дереклер