АНА ТИЛИМ – АРЫМ БУЛ, ТӘНДЕ ЖӘҲӘН ЖАНЫМ БУЛ

 

Дүньяда 7000 ға жақын тиллер бар деседи. Ал, тийкарында Пүткил он сегиз мың әлем Жаратылыстың инсаниятқа тән болмаған сөйлесиў, түсиниў тили қанша жүз мың екен?! Ең дәслеп қуяштың жыллы қызғын шуўағын қайсы тил арқалы бойымызға сиңдирдик?! Алыс балалығымыздағы борпаң топырақты шаңғытып ойнап жүргенимизде түнниң шегиртке шырылдаған тынышлығын ше?! Ылайланып аққан үйимиздиң жанындағы жаптың сылдырлаған суўын өзимизше түсингендей дыққат қойып тыңлағанларымызда қайсы тил арқалы уғындық?!  Бәҳәрдеги сағындырып ушып келген сулыў қарлығаштың қуўанғанын ямаса ҳүрейленип сескенгенин қалайынша жеңил түсиндик?! «Бесқонақ» тың не айтажақлығын ҳаўа – райы қәнигеси болмасақ та биймәлел аңсат ғана әпиўайы аңлаўымыздың сыры неде? Кишкенелигимизден экран алдында уйып тыңлап көретуғынымыз «Айқулаш»тың жигитлериниң аяқ ойынының қайсысы балықшылар ҳаққында, қайсысы шабандозлар ҳаққында, қайсысы гилемшилер ҳаққында сөз етип ойнап атырғанын ҳәп заматта – ақ парқын айырып алар едик, не ушын?! «Атадан алтаў туўылып, өле – өле жетеў болып» қалатуғын «жумбақ»тың шешимин дүньяға белгили интеллектуал ойын «Что? Где? Когда?» билимданлары таба алмаўы мүмкин – дә, бирақ үйимиз төриндеги периштелеримиз ата-әжелер аңсат түсиндирип бере алады, себеби неде? «Уллы зибан, келте налыш, айға шап, шербейит, қара жорға» не екенин 100 томлық дәстанларға бай халықтың ўәкиллери ғана сап ҳасыл түп нусқада тыңлай алады, себеби?

 Әлбетте, буның ҳәммесин, бәрше – бәрше усындай иләҳый рәҳәтлерди түсиниў, аңлаў ығбал бахтын бизге несип еттирген теңсиз байлықтың түп сағасы, ирге тасы бул – бийбаҳа дөретпелер: ҳәййиў, нақыл – мақаллар, жумбақлар, жаңылтпашлар, ертеклер, дәстанлар, аңыз – әпсаналар, қосықлар, поэмаларда өз сәўлелениўин тапқан Ана тилимиз – Қарақалпақ тили. 

 «Мен теңеймен сени жеген наныма,

 Уўыз бенен руўхың сиңген қаныма».

Дүнья еллери тарийхый ўақыяларына нәзер салсақ, мәселен қытайлыларда жас ана ҳәм жаңа туўылған нәресте ортасындағы мүнәсибетти ең минсиз (идеал) мүнәсибет деп есаплайды екен. Себеби, олар екеўи бири – бирин гәп – сөзсиз түсинеди деп тәрийп бериледи. Ал, жәҳән урысы дәўирлеринде қарсы тәрепке жансыз (шпион)лардың айырымлары уйқыдағы түслеринде өз ана тиллеринде сөйленип шығыўы арқалы ким екенлиги билинип қалған, япон самурайлары ямаса ниньзя әскерлери егер де душпан қолына түсип қәўип туўылса тезлик пенен өзин өзи тил ағзасынан айырыў усыллары алдыннан үйретилген. Мине, тилдиң инсан өмириндеги өмир менен өлим арасындағы әҳмийети қәншелли дәрежеде?! Жәҳән прозасының ири ўәкили Шыңғыс Айтматовтың 1991-жылғы «Правда Востока» басылымында  қарақалпақ шайыры, заманласы И.Юсуповқа, оның дөретиўшилигине билдирген пикиринде: «Мен Ибрайым Юсупов қосықларын тек аўдарма етилген ҳалында оқығанман. Мине аўдармаланған формасының өзинде оның дөретиўшилиги бизди таң қалдырып терең ойға салады. Оның қосықларын ҳасыл негизги вариантында оқый алмағанымнан өкинемен.» – деген қатарлардың өзи атақлы жазыўшының тек шайыр достысының дөретпелерине емес ал, ана тилимизге берилген жоқарғы баҳа деп есаплайман.

 Қуўанарлысы кейинги ўақытлары, әсиресе соңғы жыллары мәмлекетимиздиң қоллап қуўатлаўы, халқымыздың, сондай-ақ жаслардың өзлериниң басламасы менен ана тилимизге болған терең дыққат итибары барған сайын артып бармақта. Ҳәзир раўажланған технологиялар заманында жасап, оқып, дөретиўшилик етиў имканияты қолымызда болғанлықтан бул байрамана сәнеге арнап түрли-түрли челенж, эстафеталар, видео – роликлер байрамана бәйгилери шөлкемлестирилмекте, заўықлы байрамланбақта. Бирақ, соның менен қатар тилимизде ҳәрқыйлы тиллерди (жаргонларды) араластырып сөйлеў әдети баршылық. Байрам қарсаңында усы елдиң бир ўәкили сыпатында, ана тили қарақалпақ тили болған бир перзенти сыпатында бир усыныс билдиргим келеди: мейли тилимизди ардақлаў, қәдир-қымбатын тәрийплеўди тек ғана жедди айының биринши сәнесинде Қарақалпақ тили байрамы қарсаңында ядға алсақ та, онда ең болмаса егер иләжы болса жәмийетлик зәрүр орынларға «Тазалықты сақлайық» деген қағыйданың қасына және үш сөзди де қосып жазып қойсақ: «Тазалықты сақлайық, әсиресе тилдиң тазалығын!»

***

Бир адам неше түрли тил билсе, ол сонша рет адам.

©Гёте.

* * *

Тил – халықтың тийкарғы мүлки. Оған қыянет етиў – елге қыянет, анаға қыянет.

©Т.Қайыпбергенов

* * *

Ана тилим – егер сен ертең жоғалар болсаң, бүгин мен өлип кетиўге тайынман.

©Расул Гамзатов

* * *

Неге көше қағыйдасын бузғанға үшпелегин ысқырып тоқтатады-дә, тил қағыйдасын бузғанға ҳешким индемейди?!

©Абдулла Қаҳҳар

* * *

Тил-ғәзийнелер қорғаны, ал сөз-сол қорғанның гилти.

©Әлийшер Наўайы

* * *

Егер сен адамға ол түсинетуғын тил менен сәўбетлессең ақыллы жантасқан боласаң. Егер оған өзиниң ана тили менен сәўбетлес болсаң шын кеўилден жақынласқан боласаң.

©Нелсон Манделла

* * *

Тилде – сениң бирден бир Ўатаның.

©Чеслав Милош

* * *

Инсанның қәлб ғәзийнесинде нелер жасырынғаны оның тили арқалы мәлим болып турады.

©Жюль Мишле

* * *

Тил-ой пикириңниң липасы.

©Джонсон Самуэл

* * *

Тил-питим ҳәм дослық орнатыўшы қурал.

©Эразм Роттердамский

* * *

Бир нешше тилди билиў-бир қулыпқа түсетуғын бир нешше гилтке ийе болыў дегени.

©Вольтер

* * *

Тил-жер сыяқлы әўладтан әўладқа қалдырылатуғын мийрас. Оны ипласлаў, патаслаў тек ғана өзиңди қорлаў болып қалмай кейинги әўладыңдыда зәҳәрлейди.

©М.Н.Алексеев

* * *

Тилдиң өзиниң көринип турған күши жоқ, бирақ ең күшли деген адамдыда өлтириўи мүмкин.

©Акакуро Какудзо

* * *

Тилиңди пәклеместен алдын жүрегиңди тазала. Себеби, сөз жүрек арқалы тилден шығады.

©Жалалатдин Румий

 

                                            Светлана Жалменова Шет тиллери факультети 3-курс студенти

Пайдалы дереклер