Тил-миллеттиң айнасы

Халқымызда «Тил-миллеттиң айнасы», «Тил жасаса-миллет жасайды», «Тил миллеттиң бийбаҳа байлығы»,деген даналық сөзлер бийкарға айтылмаған. Себеби, ҳәр бир халықтың өзлигин көрсетиўде, жәмийеттиң раўажланыўында тилдиң орны оғада әҳмийетли болып, тил халықтың тарийхын, мәдений мийрасын, үрп-әдет және дәстүрлерин өзинде жәмлеген бийбаҳа байлық.

1-декабрь- қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен факультетимизде Қарақалпақ тил байрамы болып өтти.   Бунда факультет деканы т.и.к Т.Узақов факультетимиздиң профессор оқытыүшылары хәм студент жасларды қутлықлап, ана тилимиздиң бир-биримиз бенен қарым-қатнастағы әҳмийети, раўажланыў басқышлары туўралы кең түрде сөз етти.

Байрам тамашасына студентлер тәрепинен таярланған сахналық көринислер  қатнасыӯшыларға өзгеше заўық бағышлады.

«Имаратлар ҳәм иншаатлар қурылысы»

кафедрасы ассистенти:  Қ.Бектурсынова

 

Пайдалы дереклер