ФАКУЛЬТЕТИМИЗ ОҚЫТЫӮШЫЛАРЫ МЕКТЕПТЕ БОЛДЫ

 

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине бириктирилген Беруний районы халық билимлендириў бөлимине қараслы 52-санлы улыўма орта билим бериў мектебине  бул сапары университеттиң физика факультетиниң профессор оқытыӯшылары барды. Мақсет- мектеп оқыӯшыларының билим дәрежесин жоқарылатыӯ, бул мектепти питкериӯши жаслардың жоқары оқыӯ орынларына кириӯ көрсеткишин және де жақсылаӯ болып табылады.

52-санлы мектеп 1991-жылы салынған болып, ҳәзирги ўақытта  мектепте оқытыўшылар саны 71 ҳәм 701 оқыўшы билим алып келмекте.

Мектепке келген профессор оқытыӯшылар тәрепинен бул бағдарда ислениӯи керек ўазыйпалар избе-изликте үйренилди.

52-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң материаллық-техникалық базасы үйренилди. Мәлимлеме-ресурс орайының жағдайы менен  танысып шығылды.

Оқытыўшылар менен физика факультети деканы А.Муратов, физика кафедрасы баслығы М.Тагаев, жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары А.Юлдашев тәрепинен сәўбетлесиў өткерилди.

Физика пәни бойынша физика кафедрасы ассистенти Б.Мадаминов тәрепинен 11- класс оқыўшыларына  мастер класс сабағы өткерилди хәм физика пәни бойынша билимлерин тексериў ушын тестлер алынды.

Факультет деканы А.Муратов хәм физика кафедрасы баслығы проф. М. Тагаев тәрепинен 11-класс оқыўшылары менен ушырасыў ɵткерилди ҳәм олар ѳзлери қызығатуғын пәнлери бойынша қайсы оқыў орнына қандай қәнигеликке  тапсыратуғынлығын билдирип ɵтти. 52-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң Педагогикалық кеңесинде мектеп директоры, Беруний районлық кеңеси депутаты Т. Абишева ҳәм оқытыўшылар жәмәәти менен сәўбетлесиўлер алып барылды. Бунда тийкарынан оқыӯшылардың билим дәрежесин жақсылаӯ ушын нелерге итибар қаратыӯ зәрүр ҳәм алда бирге ислесиӯ бағдарында ӯазыйпалар белгилеп алынды.

А.ЮЛДАШЕВ.

Жаслар менен ислесиӯ бойынша декан орынбасары.

 

Пайдалы дереклер