“Өзбекстан Республикасы Конституциясының жигирма сегиз жыллығы” атамасында ушырасыӯ

       Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күни байрамы алдынан билимлендириӯ мәкемелеринде “Өзбекстан Республикасы Конституциясының жигирма сегиз жыллығы” атамасында ушырасыӯлар даӯам етпекте.
     Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигиниң 28 жыллығына бағышланған салтанатлы мәжилис Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болып өтти.
      Мәжилисте Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры А.Реймов сөзге шығып, “Өзбекстан Республикасы Конституциясының жигирма сегиз жыллығы” атамасындағы ушырасыӯдың студент жаслар турмысындағы әҳмийети ҳаққында тоқтап өтип, мәмлекетимиз Конституциясының жаслар турмысындағы әҳмийетине итибар қаратты.
Салтанатлы мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З. Реймова, Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры Ф. Алламбергенов, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судының баслығы Г. Базарбаева қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Юриспруденция қәнигелиги 2-курс студенти Байжанова Рамуза «Конституция жаслар нәзеринде» баянаты менен қатнасты.

Бундай ушырасыӯлардың әҳмийети жоқары. Университетимиздиң студент жаслары Конституция ҳәм нызамларға әмел еткен ҳалда Ўатан мәпи жолында жасаў ҳәм оның раўажланыўы ушын мийнет етиў, Ўатан алдында өз миннетлеримизди ҳүжданлы түрде орынлаў ҳәрбир пуқараның, айрықша, жаслардың тийкарғы ўазыйпаларынан есапланатуғынлығын терең аңлап жетти.

 

 

Пайдалы дереклер