Қарақалпақ мәмлекетлик университети Тарийх факультети студент жаслары тәрепинен Университеттиң мәденият сарайында «Ана-тилим мақтанышым» атамасындағы илаж өткерилди. Илажды факультет деканы өзиниң қутлықлаӯ сөзи менен ашып берди.
Ол өз сөзинде Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тили ҳаққындағы нызамы қабыл етилгеннен кейинги дәўирде қарақалпақ әдебий тилинде бир қанша раўажланыў ҳәм жаңалықлар жүз берип атырғанлығын атап өтип, тил бийбаҳа мийрас екенлигин ҳәм оны қәдирлеӯ ҳәр бир жастың әдиӯли ӯазыйпасы екенлигин айтып өтти.
Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети Қарақалпақ тил билими кафедрасы доценти Генжебай Аишов өз баянаты менен қатнасып, мәмлекетлик тилдиң илим-пән сыпатындағы абырайын арттырыӯ, мәмлекетлик тилдиң тазалығын сақлаӯ, оны байытып барыӯ ҳәм студент жасларымыздың сөйлеӯ мәдениятын арттырыӯ бағдарындағы жуӯапкерли мәселелерге тоқтап өтти. Бүгинги күни миллий мақтанышымыз болған ана тилимиздиң қәдир-қымбаты менен келешектеги раӯажланыӯына ҳәр тәреплеме баҳа берди.
Бул ушырасыӯ кешеси соңында студент жаслар өзлериниң байрам бағдарламасын тамашагөйлер нәзерине усынды.
Жаслар менен ислесиӯ бойынша декан орынбасары И.Елмуратов.


