Усы жылдың 2-декабрь күни Б.Б.Городовиков атындағы Қалмық мәмлекетлик университетиниң «Менеджмент» кафедрасы ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Экономика» кафедрасы менен биргеликте кафедра мәжилиси өткизилди.
Қоспа мәжилисте актуал мәселелер стратегиялық академиялық жетекшилик дәстүрин есапқа алған ҳалда додаланды. Еки университет ректорлары арасында 2019-жылдың басында дүзилген шәртнама-меморандумға муўапық кафедралар профессор-оқытыўшылары тәрепинен жүдә үлкен көлемдеги жумыслар әмелге асырылды. Университетлеримиз ректорлары тиккелей басшылығында бүгин додаланып атырған тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпаларға әлбетте ерисиледи.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети проректоры А.К.Алымов Қалмық мәмлекетлик университети ректоры Бадма Катинович Салаевқа еки университет ортасындағы нәтийжели Халықаралық бирге ислесиўдеги қоллап-қуўатлаўлары ушын өз миннетдаршылығын билдиреди. Исенимим кәмил, бизиң дослығымыз шегарасы еле де даўам еттириледи ҳәм кеңейеди.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети Халықаралық байланыслар бойынша проректоры А.К.Алымов жыйналыстың барлық қатнасыўшыларын қутлықлап, бирге ислесиў ушын имканиятлар жаратқаны ушын ректорға миннетдаршылық билдирди, «Инновациялық экономикада инвестицияларды басқарыў» магистрлик бағдарламасының келешектеги қоспа тәлим дәстүрине қызығыўшылық билдирди, оны иске асырыӯға, оқытыў бойынша қоллап-қуўатлаўына исеним билдирди.
А.Алымов «Scopus»тың Q3 журналларында бизиң кафедрамыз профессор-оқытыўшылары Қалмық мәмлекетлик университети «Менеджмент» кафедрасындағы кәсиплеслери менен биргеликте илимий мақалалар шығарғанлығын, келешекте «Scopus»тың Q1, Q2 журналларында биргеликте илимий мақалалар жәриялаў, 2021- жылда «Scopus» системасында индексацияланған конференция топламында мақалаларды шығарыўға, соның менен бирге, 2 монография, бир оқыў қолланба, бир оқыў-методикалық қолланба биргеликте баспадан шығарылғанлығы атап өтилди. Алдағы ўақытта улыўма илимий машқалалы Халықаралық грант жойбарларында ҳәм таңлаӯларда бирге қатнасыўға шақырып қалды.
Мәжилисте булардан тысқары ҚМУ экономика кафедрасынан Р.Т.Адильчаев, Р.Ж.Каражановалар шығып сөйлеп, қаралып атырған мәселелер бойынша пикир ҳәм усыныслар билдирди.
