Ҳуқықый-демократиялық мәмлекет қурыўда Конституцияның орны

           Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде  Өзбекстан Республикасы Конституциясының 28 жыллығына бағышланып  «Ҳуқықый-демократиялық мәмлекет қурыўда Конституцияның орны» атамасында Республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.

Илимий-әмелий конференцияда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң жаслар менен ислесиӯ бойынша проректоры С. Алаӯатдинов кирис сөзге шығып,  Өзбекстан Республикасы Конституциясы  қабыл етилгенлигиниң 28 жыллығы менен қызғын қутлықлады.

Буннан соң бир қатар мийманлар сөзге шықты. Олардан;

  Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судының баслығы К.Тарихов, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша судының судьясы Л.Отегенова, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьясы Р.Худайбергенова, Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судының судьясы Г.Ешназарова, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими жетекши мәсләҳәтшиси Н.Қутлымуратова, Өзбекстан Республикасы Адвокатлар палатасы Қарақалпақстан аймақлық басқармасының адвокатларды кәсипке таярлаў ҳәм маманлығын асырыў, социаллық қорғаў ҳәм ҳуқықый үгит-нәсият бойынша мәсләҳәтшиси Ф.Романовлар сөзге шығып, Ўатанымыз дүнья жүзи сиясий майданында, халықаралық қатнасықларда мәмлекет ғәрезсизлигин ҳәм суверенитетин беккемлеўи, өзиниң беккем позициясына ийе болыўы, дуньяның ең раўажланған уллы мәмлекетлер қатарынан орын алыўында да елимиз Конституциясының орны ҳәм әҳмийети шексиз екенлигин атап өтти.

Илимий-әмелий конференцияда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети юридика факультетиниң деканы, ю.и.д, профессор Э. Қутыбаева шығып сөйледи.

Конституция мəмлекеттиң тийкарғы Нызамы болып, ҳəр бир елдиң   келешегин ҳəм келбетин белгилейди. Солай екен, бул бас Нызамымызды терең үйрениӯ ҳәм оны мақтаныш тутыӯ ҳәр бир жастың әдиӯли ӯазыйпасы болып табылады.

Болып өткен илимий-әмелий конференцияның әҳмийети де усы тәреплери менен жоқары екенлигин айтып өтиӯ орынлы.

 

Пайдалы дереклер