Жоқары оқыў орнында билим алыў процессинде әмелияттың орны жүдә үлкен. Студентлер теориялық алған билимлерин әмелият дәўиринде қолланыў арқалы көп билимге, тәжирийбеге ийе болады.
Бизлер, яғный химия тәлим бағдары 4- курс студентлери, өзлеримиздиң педагогикалық әмелиятымызды Нөкис қаласы халық билимлендириў бөлимине қараслы 22– санлы улыўма билим бериў мектебинде 26- октябрь сәнесинен баслап өткермектемиз. Бул жерде бизлерди мектептиң тәжирийбели химия пәни муғаллимлерине бөлистирип, устазлардан сабақ өтиў сырларын үйренип атырмыз. Университет тәрепинен де методикалық жәрдем көрсетиў ушын тәжирийбели профессор – оқытыўшылар бекитилген. Педагогтың мақсети – өтилетуғын тема материалларын оқыўшыларға түсиникли, әпиўайы тилде, есте қалатуғындай етип, педагогика илиминиң жетискенликлерин, хабар коммуникация технологияларды пайдаланған ҳалда өтип, сол тема бойынша оқыўшылар да тийкарғы түсиниклерди қәлиплестириў болып есапланады.

Педагогикалық практиканың өтиў барысы менен танысыў мақсетинде университеттиң оқыў ислери бойынша проректоры О.Дуйсенбаев ҳәм факультет деканы Б.Нурымбетовлар мектебимизге келди. О.Дуйсенбаев ҳәм Б.Нурымбетовлар мектеп басшылары менен ушырасып, әмелиятшылар ҳаққында унамлы пикирлерин еситти. Соң әмелиятшы Курбанбаева Саодаттың 8-класста өткен ашық сабағына қатнасты. Сабақ барысында әмелиятшы тәрепинен қолланған педагогикалық усыллар, сабақты дурыс шөлкемлестириў, сабаққа оқыўшыларды қызықтыра алыўы, улыўма айтқанда өтилген сабақ ҳаққында өзлериниң жақсы пикирлерин билдирди.

Буннан соң оқыў ислери бойынша проректор, факультет деканы, мектеп басшылары ҳәм студент – әмелиятшылар қатнасында жыйналыс болып өтти.
Жыйналыста О.Дуйсенбаев студент жасларға ҳәзирги кунде илим, билимлендириў тараўларында болып атырған жаңалықлар, ҳүкиметимиз тәрепинен қабылланып атырған қарар ҳәм пәрманлар менен таныстырып өтип, бул қарарлардың тийкарғы мақсети жасларды билимли етип тәрбиялаўға қаратылғанын түсиндирип өтти.
Сондай-ақ, факультетимиз деканы Бахтияр Нурымбетов студент жасларға педагогикалық әмелияттың әҳмийети, сабақ оқытыў барысында керек болатуғын методлар, оқытыў усыллары ҳаққында көплеген мағлыўматлар берди.
22 – санлы орта билим бериў мектебиниң директор орынбасары ҳәм метод бирлеспе баслығы А.Тулепова студентлерге әмелият ҳаққында түсинбей атырған сораўларына толық жуўап берип, түсиндириў жумысларын алып барды. Студент жаслар ишинен Жолдасов Жанибек, Уразимбетова Озода, Опаева Машхуралар жыйналыс қатнасыўшыларына өзлерин қызықтырған сораўларын берип, оларға тийисли жуўапларын алды.
Жыйналыс соңында әмелиятшылар университет ректораты, факультет деканаты ҳәм мектеп жәмәәтине өз миннетдаршылығын билдирди.
Химия-технология факультети 4-курс студенти Қалмуратова Шахида.