Биология факультетиниң Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы сырт ел профессор оқытыўшылары менен бирге ислесиўди жақсы жолға қойыў мақсетинде реже дүзилген еди. Усы режеге тийкарланып Россия Федерациясының Суў машқалалары институтының география илимлери докторы, профессор Новикова Нина Максимовна усы жылдың ноябрь айынан баслап 10 күн даўамында сабақ өтиў жолға қойылды. Ол Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бакалавр тәлим бағдары 3-курс студентлерине «Гидроэкология ҳәм геоэкология» пәнинен онлайн тәризде (zoom aрқалы) сабақ өтпекте. Сондай ақ, бул лекцияға магистрантлар ҳәм жас профессор- оқытыўшылар да қатнаспақта.
Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы оқытыўшысы А.Ж.Хабибуллаев.

